Кегейли районы Халық билимлендириў бөлиминиӊ ҳәкимшилик имаратыныӊ қурылысы ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққында

29.01.2021 16:44:41 205 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Халық  билимлендириў бөлиминиӊ 2020-жыл 16-декабрь күнги 01-1116-санлы хатына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы архитектура-қаласазлық кеӊесиниӊ 2021-жыл 13-январдағы 3-21/б-санлы баянламасын, «YERELEKTRON» автоматласқан мағлыўмат дизими арқалы Y-1735212/551-10057-санлы жер участкасына ўәкилликли органлар тәрепинен берилген жуўмақларын  ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «27»-январь күнги актин кɵрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

 

Ш Е Ш И М    Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы Халық билимлендириў бөлиминиӊ 2020-жыл 16-декабрь күнги 01-1116-санлы қатнас хаты қанаатландырылсын, Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы архитектура-қаласазлық кеӊесиниӊ 2021-жыл 13-январдағы 3-21/б-санлы баянламасын, «YERELEKTRON» автоматласқан мағлыўмат дизими арқалы Y-1735212/551-10057-санлы жер участкасына ўәкилликли органлар тәрепинен берилген жуўмақлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин  ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў  комиссиясының  2021-жыл «27»-январь күнги  акти мақуллансын.
  2. Кегейли районы «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны, Дослық гүзары көшеси бойынан, Кегейли районы Халық билимлендириў бөлиминиӊ ҳәкимшилик имаратыныӊ қурылысы ушын ҳәкимият захира жер фонды есабында пайдаланылмай бос турған майданы 0,18 гектар жер майданы ажыратып берилсин.

3..Кегейли районы Қурылыс бɵлими (Н.Отепова)не архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп бериў тапсырылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.

  

                      Кегейли районы ҳәкими:                                                  Д.Утемуратов

29.01.2021 16:44:41 206