Кегейли районы «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жер асты жоқары басымдағы газ тармағына реконструкция жумысларын алып барыўға руқсат етиў ҳаққында

29.01.2021 16:42:42 213 Баспаға шығарыў

«Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 11-ноябрдеги   «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалыныӊ   2020-жыл 26-ноябрдеги 28-03-13/1039-санлы қатнас хаты бойынша, Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл «26» январь күнги актин көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М    Е Т Е Д И:

  1. «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалыныӊ 2020-жыл 26-ноябрдеги 28-03-13/1039-санлы қатнас хаты қанаатландырылсын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў  комиссиясының  2021-жыл  «26»-январь күнги  акти мақуллансын.
  2. Кегейли районы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 11-ноябрдеги «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарыныӊ 7-д-қосымшасы тийкарында  2021-жыл бағдарламасына киргизилген, Кегейли районы  «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жер асты жоқары басым газ тармағына реконструкция жумысларын алып барыўға руқсат етилсин.
  3. Кегейли районы Қурылыс бɵлими (Н.Отепова)не архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп бериў тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.

 

 

              Кегейли районы ҳәкими:                                              Д.Утемуратов

29.01.2021 16:42:42 214