Кегейли районы «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны (Қ.Абибуллаев массиви) аймағында жасаўшы пуқара Матмуратов Саламат Ережепбай улына дийқан хожалығын жүргизиў ушын ажыратылған жер майданын ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

20.01.2021 16:38:59 365 Баспаға шығарыў

Кегейли районы «Абат» аўыл пуқаралар  жыйыны аймағында  жасаўшы  пуқара  Матмуратов Саламат Ережепбай улыныӊ дийқан  хожалығын  жүргизиў ушын ажыратылған жер  майданын  ҳǝкимият захира жер  қоры  есабына  қайтарып  тапсырыў ҳаққындағы район ҳәкимлигине жазған 2021-жыл 9-январь күнги арзасына, район ҳәкимлиги  жанындағы  жер   участкаларын  ийелик  етиўге, пайдаланыўға, ижараға  бериў  ҳәм  мүлк етип  бериў  (реализация қылыў) мәселелерин  көрип  шығыў  бойынша  турақлы  ҳәрекет  етиўши  комиссиясының  жуўмағына  ҳǝм  Өзбекстан  Республикасы  Жер  кодексиниң  36-статьясы 1-бәнтине тийкар, Кегейли районы ҳәкими

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы  жер  уасткаларына   ийелик   етиўге, пайдаланыўға, ижараға бериў  ҳәм  мүлк  етип  бериў (реализация қылыў) мәселелерин  көрип  шығыў  бойынша  турақлы  ҳәрекет етиўши  комиссиясының 2021-жыл 19-январь жуўмағы  тастыйықлансын  ҳәм  пуқара Матмуратов Саламат Ережепбай улыныӊ арзасы   қанаатландырылсын.
  2. Пуқара Матмуратов Саламат Ережепбай улына район ҳәкиминиң 2019-жыл 9-январь күнги 3479-07-санлы шешими менен дийқан  хожалығын  жүргизиў ушын ажыратып  берилген  аўыл  хожалық  картасындағы №181ч контурда  жайласқан 0,34 га жер майданы район ҳǝкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. Кегейли районы Жер ресурслары ҳам мәмлекетлик кадастр бөлими (А.Тилеулесов)не қайтарып алынған жер  майданларына  өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң  орынбасары   Қ.Есенбековқа  жүкленсин.

 

Кегейли  райони ҳәкими                                         Д.Утемуратов

20.01.2021 16:38:59 366