Кегейли районы Мектепке шекемги билимлендириӯ бѳлимине «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Қумшүнгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларынан «Мобиль топарлары» ушын жер майданларын ажыратып бериў ҳақкында

20.01.2021 16:36:41 219 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-сентябрдеги  ПҚ-3955-санлы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 18-сентябрдеги 786-санлы қарарларыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниӊ 2020-жыл 21-декабрдеги 01-02/1-334-санлы хатын ҳәм  Кегейли районы  Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиӊ  2021-жыл 19-январдағы 01-01/18-санлы қатнас хатларын  көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

ШЕШИМ  ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниӊ 2020-жыл 21-декабрдеги 01-02/1-334-санлы хаты ҳәм Кегейли районы Мектепке  шекемги  билимлендириў  бөлиминиӊ 2021-жыл 19-январдағы 01-01/18-санлы қатнас хатлары қанаатландырылсын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў бойынша комиссиясы акти тастыйықлансын.
  2. Мектепке шекемги билимлендириӯ бөлимине қараслы 7-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми базасында мобиль топарлар қурылыслары ушын;

– «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан,  аўыл хожалық картасыныӊ 10270б-контурындағы аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын, район ҳәкимлиги захира жер қоры есабындағы жер майданынан  200,0 кв.метр;

– «Қумшунгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан,  аўыл хожалық картасыныӊ 7630б-контурындағы аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын, район ҳәкимлиги захира жер қоры есабындағы жер майданынан 200,0 кв.метр жер майданларын, бәрқулла пайдаланыў ҳуқықы менен  ажыратып берилсин.

  1. Районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бѳлимине белгиленген тәртипте жер есабатына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  2. Районлық қурылыс бөлими (Н.Отепова)не архитектуралық- жобаластырыў тапсырмаларын ислеп шығыў тапсырылсын.
  3. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаўды ѳзиме қалдыраман.

 

     Кегейли районы ҳǝкими ў.ў.а:                                                       Н.Ещанов

20.01.2021 16:36:41 220