Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасына қараслы районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры бөлими тәрепинен усынылған, районның жер майданларын ҳәм олардан пайдаланыў бойынша 2021-жыл 1-январына шекем болған мағлыўматларын көрип шығып, Кегейли районы ҳәкимлиги
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасына қараслы районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры бөлими тәрепинен райондағы жер ийелериниң ҳәм жерден пайдаланыўшыларының аўыл хожалығы жер түрлери ҳәм оның бөлиниўи ҳаққындағы 2020-жыл 1-январьға болған мәмлекетлик жер есабаты 1-қосымшаға ҳәм 22-22а формаларына муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Қ.Есенбековқа ҳәм районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы А.Тилеулесовқа:
– жерлерден аўыл хожалығында өнимдарлы пайдаланыў ҳәм оның мелиоратив аўҳалын жақсылаў бойынша ҳәр бир хожалық ҳәм жер ийелериниң жуўапкершилигин күшейтиў;
– жер фондынан толық пайдаланыў бойынша қатаң қадағалаў орнатыў;
– жердиң мелиоратив аўҳалының төменлеўине ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң аўыл хожалығында пайдаланыўға жарамсыз болып қалыўына жол қоймаў бойынша тийисли илажлар көриў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.
- Усы қарарды тастыйықлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен соралсын.
Кегейли районы
ҳәкими: Д.Утемуратов