«INTERCOALTRADE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ пайдаланылмай бос турған жер майданын Кегейли районы ҳәкимлиги жер қорына қайтарып алыў ҳаққында

08.01.2021 16:29:49 299 Баспаға шығарыў

«INTERCOALTRADE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ   2020-жыл 25-декабрдеги 55-санлы қатнас хатын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «6»-январь күнги актин кɵрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

 

Ш Е Ш И М    Е Т Е Д И:

 

  1. «INTERCOALTRADE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ 2020-жыл 25-декабрдеги 55-санлы қатнас хаты қанаатландырылсын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының  2021-жыл   «6»-январь күнги  акти мақуллансын.
  2. Кегейли районы ҳәкиминиӊ 2020-жыл 27-июлдағы 277-07-санлы қарары тийкарында «INTERCOALTRADE» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Кегейли районы «Жалпақ-жап» аўыл пуқаралар жыйыны, «Қырық оймаўыт» елатлы пункти аймағынан, «Шарўа комплекси» имараты қурылысы ушын, аўыл хожалық картасындағы 12551б-контурынан аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданларынан ажыратып берилген  1,48 гектар жер майданынан, ҳәзирги күнде пайдаланылмай турған 1,0 гектар жер майданы  Кегейли районы ҳәкимлиги жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. Кегейли районы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими (Ж.Сейтназаров)не районлық жер қоры есабына тийисли өзгерис киргизиў тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.

 

 

Кегейли районы ҳәкими:                                               Д.Утемуратов

08.01.2021 16:29:49 300