Кегейли районы «Жаӊабазар» аўыл пуқаралар жыйыны «Кенегес» елатлы пункти аймағынан 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниӊ имараты қурылысын алып барыў ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққында

03.04.2021 18:09:52 213 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компания»сыныӊ 2021-жыл                              26-марттағы 367-01/07-санлы хатын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў) қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл  «1»-«апрель» күнги актин көрип шығып,  Кегейли  районы ҳәкими

 

Ш Е Ш И М     Е Т Е Д И :

 

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў) қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл «1»-«апрель» күнги акти тастыйықлансын.
  2. Кегейли районы «Жаӊабазар» аўыл пуқаралар жыйыны «Кенегес» елатлы пункти аймағынан 90 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имараты қурылысын алып барыў ушын, өлшемлери 70,0 метр х 70,0 метр, жәми майданы 4900,0 кв.м. болған жер майданы ажыратып берилсин.
  3. Районлық Қурылыс бɵлими (Н.Отепова)не имараттыӊ қурылыс жумысларына архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп бериў тапсырылсын.

         Кегейли районы

       ҳǝкими:                                                          Д.Утемуратов

 

03.04.2021 18:09:52 214