Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компания»сыныӊ 2021-жыл 26-марттағы 367-01/07-санлы хатын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў) қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл «1»-«апрель» күнги актин көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў) қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл «1»-«апрель» күнги акти тастыйықлансын.
- Кегейли районы орайынан фонтан қурылысы ушын өлшемлери 50мх50м жәми майданы 2500 кв.м. болған жер майданы ажыратып берилсин.
- Районлық Қурылыс бɵлими (Н.Отепова)не фонтан қурылмасыныӊ қурылыс жумысларына архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп бериў тапсырылсын.
- Усы қарардыӊ орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиӊ орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.
Кегейли районы
ҳǝкими: Д.Утемуратов