Қарақалпақстан Республикасы «TOZA HUDUD» мәмлекетлик унитар кәрханасы Кегейли районы бөлиминиӊ 2021-жыл 22-февралдағы 35-санлы хатын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў) қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл «30 »-март күнги актин көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Қарақалпақстан Республикасы «TOZA HUDUD» мәмлекетлик унитар кәрханасы Кегейли районы бөлиминиӊ 2021-жыл 22-февралдағы 35-санлы хаты қанаатландырылсын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў) қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл «30»-март күнги акти тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы «TOZA HUDUD» мәмлекетлик унитар кәрханасы Кегейли районы бөлиминиӊ есабында турған, ҳәзирги күнде пайдаланыўға жарамсыз ҳалатқа келип қалған, Кегейли районы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны, Кегейли гузары ҳәм Ж.Қайыпбергенова көшеси, «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны Дослық гузары көшеси бойында жайласқан көп қабатлы турақ жайлар жанында жайласқан, «Гүжим терек» мәкан пуқаралар жыйыны Х.Бекбаулиев көшеси бойында жайласқан шығынды таслаў орынларын бузып таслаўға руқсат етилсин ҳәм қурылмалардан босаған улыўма майданы 180,0 кв.метр болған жер майданы район ҳәкимлиги жер қоры есабына қайтарып алынсын.
- Районлық Жер дүзиў ҳәм көшпес мулк кадастры мәмлекетлик унитар кәрханасы (Д.Рустемов)на жер майданларыныӊ кадастрлық ҳүжжетлерине өзгерис киргизиў тапсырылсын.
- Усы қарардыӊ орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиӊ орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.
Кегейли районы
ҳǝкими: Д.Утемуратов