Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 17-февралдағы «Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылда мәмлекетлик кѳшпес мүлкинен пайдаланыў ушын ижара тѳлеминиң ең кем ставкаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 40-санлы қарары ҳаққында

23.02.2021 12:23:44 322 Баспаға шығарыў

“Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳаққында”ғы Нызамының 20-статьясы, сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 8-апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў                             ис-илажлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары (Ѳзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2009-жыл,15-сан, 186-статья) талаплары тийкарында, район аймағындағы бос турған имарат-қурылмалардан мақсетли пайдаланыў, оларға болған мүтәжликти толық тәмийинлеў, сондай-ақ, күтилип атырған қәрежетлер менен кәрхана, мәкеме ҳәм шѳлкемлердиң ижара тѳлеминен түсетуғын пайдаларды тәртипке салыўды тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы ҳәкими  қарар етеди:

  1. Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 8-апрельдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 201-санлы қарары, Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң 2021-жыл 12-январдағы 01/04-139-70-санлы усынысы, Ѳзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң 2021-жыл 13-январдағы 0V31845605-санлы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2021-жыл 13-январдағы 03/22-02-6/10-1933-санлы келисимлерине тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 17-февралдағы «Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылда мәмлекетлик кѳшпес мүлкинен пайдаланыў ушын ижара тѳлеминиң ең кем ставкаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 40-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Район аймағындағы мәмлекетлик шѳлкемлер ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте балансларында болған, пайдаланылмай бос турған мүлклерден нәтийжели пайдаланыў, оларды ижараға бериў үстинен Бос турған объктлерден нәтийжели пайдаланыўды шѳлкемлестириў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасына турақлы усыныс ҳәм мағлыўматлар киргизип барыў ўазыйпалары тапсырылсын.
  3. Районлық Халық билимлендириў бѳлими (А.Алланиязова), районлық Медицина бирлеспеси (М.Досбергенов), районлық Мәденият бѳлими (С.Хожанов), сондай-ақ, мәмлекет мүлкиниң баланста сақлаўшы барлық кәрхана ҳәм шѳлкемлери басшыларына жыл шерегинде кеминде бир мәрте ѳзиниң қарамағында болған мәмлекет мүлкин хатлаўдан ѳткериў ҳәм пайдаланылмай атырған мәмлекет мүлки анықланған жағдайда 10 күн ишинде Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шѳлкемлестириў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасына тийисли мағлыўматларды усынып барыў ўазыйпасы жүкленсин.
  4. Бул қарар белгиленген тәртипте ҳәкимликтиң веб-сайтында ҳәм “Кегейли турмысы” газетасында рәсмий жәриялансын.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Аманбаевқа жүкленсин.

  

 

Кегейли районы ҳәкими                                       Д.Утемуратов

 

23.02.2021 12:23:44 323