Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 12-февральдағы «Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-февральдағы “Ѳзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәмде белгиленген хызмет мүддетин атқарып болған әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы ПҚ-4987-санлы қарары ҳаққында»ғы 33-санлы қарары ҳаққында

19.02.2021 10:19:35 326 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке шақырыў тәртибин және де жетилистириў ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине мүддетли әскерий хызметке шақырыў дәўиринде шақырыў жасындағы пуқараларға қолай шараятлар жаратыў мақсетинде Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 12-февральдағы «Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-февральдағы “Ѳзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәмде белгиленген хызмет мүддетин атқарып болған әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы ПҚ-4987-санлы қарары ҳаққында»ғы 33-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда көрсетип өтилген қарары менен төмендегилер:

а)  Шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Ѳзбекстан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары 2021-жылдың март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылыўы;

мүддетли әскерий хызметти атқарыўға жарамлы, сондай-ақ, шақырыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ усы шақырыў дәўиринде Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алыныўы белгиленгенлиги;

б)  Мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетин атқарып болған әскерий хызметкерлер 2021-жылдың март-апрель айларында Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери резервине босатылыўы белгилеп қойылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жоқарыдағы қарары менен:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-март күнги «Өзбекстан Республикасы пуқараларын әскерий хызметке шақырыў тәртибин буннан былайда жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4630-санлы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы Басшылық кеңеси (кейинги орынларда Басшылық кеңеси деп аталады) қурамы 1-қосымшаға, Қарақалпақстан Республикасы жәмлеў пунктинде әскерий-медициналық комиссиясы (кейинги орынларда әскерий-медициналық комиссиясы деп аталады) қурамы 2-қосымшаға ҳәм де мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметке шақырыў мәўсимин сыпатлы шөлкемлестириў бойынша илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы;

– Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-марттағы “Ѳзбекстан Республикасы пуқараларын әскерий хызметке шақырыў тәртибин және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4630-санлы қарарына муўапық 3-қосымшадағы үлгиге тийкарланып “қала ҳәм районлар қорғаныў ислери бөлимлери жанындағы Қураллы Күшлерди жәмлеў комиссиясы” қурамы, 4-қосымшадағы үлгиге тийкарланып “қала ҳәм районлар әскерий комиссиясы”, сондай-ақ, 5-қосымшадағы үлгиге тийкарланып “қала ҳәм районлар әскерий-медицина комиссиясы” қурамын тастыйықланғанлығы;

– Төмендегише:

Басшылық кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип:

шақырылыўшыларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў илажларын сыпатлы шөлкемлестириў;

шақырылыўшылардың физикалық таярлығы, пикирлеў қәбилети, сана- сезими, пидайылығы, қызығыўшылығы ҳәм басқа қәсийетлерин инабатқа алған ҳалда, оларды жәмлеў комиссиясы тәрепинен сап түрлерине туўры таңланғанлығына баҳа бериў;

әскерий-медицина комиссиясы тәрепинен денсаўлығы бойынша әскерий хызметке жарамлы деп табылған шақырылыўшыларды Қураллы Күшлер сап түри командаларына таңлаў (ямаса түрли себеплерге көре командаларға таңланбағанлығы) бойынша қарар қабыл етиў;

шақырылыўшыларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў;

қала ҳәм районлар ҳәкимликлери ҳәм жәмәәтшилик шөлкемлери тәрепинен шақырылыўшыларды жыйнаў ҳәм салтанатлы түрде әскерий бөлимлерге жибериў бойынша илажларды өткериўде өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириў;

жәмлеў комиссиясы, әскерий-медицина комиссиясы, аймақлық медицина комиссиясы ушын зәрур шараятларды жаратыў, дәри-дәрмақлар, медицина үскенелери ҳәм басқа материаллық-техникалық затлар менен тәмийинлеў, жәмәәт тәртибин сақлаў ислерин шөлкемлестириў;

мүддетли әскерий хызметке шақырыў ислериниң ашық-айдынлығы, сондай-ақ, шақырыўға байланыслы илажлардың ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытылыўын тәмийинлеў;

әскерий-медицина комиссиясы, жәмлеў комиссиясы ҳәм аймақлық медицина комиссиясы қарарларынан наразы болған шақырылыўшылардың шикаятларын көрип шығыў ҳәм шешими бойынша тийисли қарар қабыл етиў;

Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарынан түрли себеплерге байланыслы қайтарылған мүддетли әскерий хызметкерлери бойынша тексериў өткериў ҳәм тийисли ис-илажлар белгиленгенлиги;

– Әскерий-медицина комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары етип: Жәмлеў комиссиясы тәрепинен сап түрлерине таңланған шақырылыўшыларды тереңлестирилген медициналық көриктен өткериў;

шыпакер-қәнигелер тәрепинен шақырылыўшылардың есап карталарына киргизилген жазыў ҳәм жуўмақлардың туўрылығын тексериў;

Басшылық кеңеси баслығы менен биргеликте шақырылыўшыларды қосымша тексериў ҳәм емлениўге жолланба бериў, сондай-ақ, қосымша тексериў ҳәм емленгеннен кейин олардың қайтарылыўын қадағалаўға алыў;

шақырылыўшылардың денсаўлығы бойынша әскерий хызметке жарамлылығы бойынша жуўмақлаўшы медициналық шешим бериў;

медицина комиссиясы хызмети даўамында жол қойылған кемшиликлер анализин инабатқа алған ҳалда, әскерий-медицина комиссиясы шыпакер-қәнигелери менен кеңеслер өткериў;

Қураллы Күшлерди жәмлеў жуўмағы бойынша медицина комиссиясы жумысы нәтийжелерин улыўмаластырыў, есабат таярлаў ҳәм белгиленген тәртипте Басшылық кеңеси баслығына тапсырыў ўазыйпасы жүклетилгенлиги;

– Жәмлеў комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары етип:

мүддетли әскерий хызметке жибериў ушын усынылған ҳәм әскерий медицина комиссиясы тәрепинен әскерий хызметке жарамлы деп табылған шақырылыўшылар менен сәўбет өткериў, ден саўлығы, физикалық таярлығы, пикирлеў қәбилети ҳәм басқа қәсийетлерди инабатқа алған ҳалда сап түрлерине таңлаў бойынша қарар қабыл етиў;

қабыл етилген қарарларды шақырылыўшылардың жеке ис китабының тийисли бетине белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ҳәм қол қойыў;

шақырылыўшыларды мүддетли әскерий шақырыў ислериниң ашық- айдынлығы ҳәм объективлигин тәмийинлеў;

орынлардағы тийисли мәкемелер, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери, сондай-ақ, жәмәәтшилик шөлкемлериниң шақырылыўшыларды жыйнаў ҳәм оларды салтанатлы түрде әскерий бөлимлерге жибериў бойынша илажларды өткериўде өз-ара бирге ислесиўди шөлкемлестириў;

шақырылыўшылар, олардың ата-аналарының шақырыўға байланыслы мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў ҳәм тийисли қарар қабыл етиў ўазыйпалары жүклетилгенлиги;

– Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлиги (У.Сабуров)не Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте Қураллы Күшлерден резервке босатылған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша комплекс ис-илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў тапсырылғанлығы.

– Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы (Н.Жақсымуратова), Хабар ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы (А.Бекмуратов)на Қорғаныў ислери басқармасы (О.Кувватов), Ишки ислер министрлиги (А.Темирханов), Айрықша жағдайлар басқармасы (А.Давлетов), Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси (А.Данияров) менен биргеликте шақырыў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы илажларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытып барыў усыныс етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2021-жылғы мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметине шақырыў мәўсимин сыпатлы шөлкемлестириў бойынша районлық илажлар режаси 1-қосымшаға, районлық Қураллы Күшлерди жәмлеў комиссиясы қурамы 2-қосымшаға, районлық Қорғаныў ислери бөлими жанындағы районлық комиссиясы қурамы 3-қосымшаға ҳәм де Қорғаныў ислери бөлими жанындағы районлық медициналық комиссиясы қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Район ҳәкиминиң орынбасары (А.Сейтимбетов), районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы (А.Дүйсенбаев) менен биргеликте Қураллы Күшлерден резервке босатылған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша комплекс ис-илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

– Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы районлық ўәкили (Қ.Жиемуратов), районлық Қорғаныў ислери бѳлими (У.Кучкаров), районлық Ишки ислер бөлими (И.Салиев), районлық Айрықша жағдайлар бөлими (И.Акимов), Жаслар ислери агентлиги районлық бѳлими (А.Тѳремуратов) менен биргеликте шақырыў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы илажларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытып барыў усыныс етилсин.

  1. Район ҳәкимлигиниң 2020-жыл 12-март күнги 100-03-санлы қарары өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  2. Усы шешиминиң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Сейтимбетовқа жүклетилсин.

 

 

 

Кегейли районы

                            ҳәкими                                                Д.Утемуратов

 

 

 

 

 

 

Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл 18 – февраль күнги
58-02 – санлы қарарына
1-қосымша

 

2021-жылғы мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметине шақырыў мәўсимин сыпатлы шөлкемлестириў бойынша районлық илажлар режаси

 

қ Илажлар Орынлаў мүддети Жуўапкерлер
1. Районлық шақырыў пунктин нәўбеттеги
2021-жылдағы мүддетли әскерий хызмет ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметине таярлаў.
2021-жыл

28-февральға шекем

Районлық Қорғаныў ислери бөлими
Шақырыўдан алдын шақырыў комиссия ағзалары, медициналық комиссиялар қурамы ҳәм тийисли мәкеме басшылары менен шақырыўды өткериў мәселелери бойынша бир күнлик методикалық шынығыўлар өткериў. 2021-жыл

феврал айы

Районлық Қорғаныў ислери бөлими
2. Районлық шақырыў пунктин электр энергиясы, газ ҳәм суў тәмийнаты менен үзликсиз  тәмийинлеў. 2021-жыл

март-апрел

Электр тармақлары  Газ ҳәм Сув тәмийнаты кәрханалары
Районлық шақырыў пунктин байланыс қураллары, дәри дәрмақлар, медициналық ҳәм хожалық мал-мүлки, автомобиль транспорты, техник хызметкерлер ҳәм де керекли әсбап үскенелер менен тәмийнлеў. 2021-жыл

Февраль

Районлық Ўзтелеком байланыс тармағы, Медицина бирлеспеси, тийисли мәкемелер
Мәҳәлле пуқаралар жыйынлары тәрепинен шақырылыўшыларды шақырыў пунктлерине шақырыў қағазларына тийкар 100 пайыз шақырып берилиўин қадағалаўға алыў. Шақырыў мәўсими даўамында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими
Шақырылыўшыларды районлық шақырыў пунктинен Республика жәмлеў пунктине алып келиў алып қайтыў ушын автотранспорт ажыратыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў. Шақырыў мәўсими даўамында Районлық Ишки ислер бөлими
3. Шақырыў дәўиринде шақырылыўшыларға әскерий тараўға тийисли қабыл етилген Нызам ҳәм Нызам асты ҳүжжетлер, әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин улыўма орта билим бериў мектеплеринде, ҳәм басқада билим алып атырған жаслар санасына сиңдириў. Турақлы түрде Районлық Қорғаныў ислери бөлими, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Районлық руўхый-ағартыў орайы
Телевидение ҳәм де газета ҳәм журналлар арқалы өспиримлер ҳәм олардың ата аналары ушын мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметине шақырыў дәўиринде шөлкемлестирилетуғын имтиханлар ҳәм де мүддетли әскерий хызметти өтегеннен кейин қандай жеңилликлер берилиўи ҳаққында кең көлемли түсиндириў жумысларын алып барыў. Шақырыў мәўсими даўамында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы райондағы хабаршысы, район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
4. Районлық Қорғаныў ислери бөлимине Суд, Ишки ислер ҳәм Прокуратура бөлимлеринен нызам бузыўшылық бойынша есапта турған ҳәм де судланған өспиримлердиң дизимлерин бериў усыныс етиледи. 2020-жыл

Феврал

Судлар, Районлық прокуратурасы, Ишки ислер бөлими
Районлық шақырыў участкаларында жәмийетлик тәртипти сақлаў. Шақырыў дәўиринде Районлық Ишки  ислер бөлими
Себепсиз шақырыў участкасына келмеген шақырылыўшыларды, районлық Қорғаныў ислери бөлими тәрепинен усыныс етилген дизимге тийкар шақырыў участкасына алып келиниўинде әмелий жәрдем көрсетиў. Шақырыў дәўиринде Районлық Ишки  ислер бөлими
5. Районлық орайлық емлеўханасына саламатлығы бойынша районлық Қорғаныў ислери бөлими тәрепинен жоллама менен жиберилген шақырыўшыларын өз ўақтында емлеў ислерин алып барыў. Шақырыў дәўиринде Районлық медицина бирлеспеси
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2018-жыл 25-декабрдеги “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине тынышлық ҳәм ва урыс дәўиринде медициналық көрик өткериўин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққында нызамын тастыйықлаў туўралы”
ПҚ-4076-санлы қарарына тийкар шақырыў участкасына заманагөй медициналық инвентарлар, әспаб-үскенелер (УЗИ, ФГДС, ЭКГ) менен талап дәрежесинде тәмийинлеў.
2021-жыл

феврал

Районлық медицина бирлеспеси
Медийина комиссиясы қурамын қайта көрип шығыў ҳәм оларды қәнигелиги, маманлығы, тәжирийбеси болған медициналық хызметкерлер менен тәмийинлеў. Өспиримлерди медициналық көрик өткериў барысында әдиллик ҳәм қалыслықты тәмийинлеў ҳолисликни ушын медициналық комиссия шыпакерлериниң жуўапкершилигин асырыў. Турақлы түрде Районлық медицина бирлеспеси
Шақырыў участкасында барыўдан алдын районлық Қорғаныў ислери бөлимине районлық емлениў орайына ден саўлығы бойынша  есапта турған шақырыўшылардың дизимлерин бериў. 2021-жыл

февраль

Районлық медицина бирлеспеси
6. 2020-жыл мүжжетли әскерий хыметке шақырыў  илажларына таярлық көриў ҳәм өткериў жумысларын қадағалаўға алыў. Турақлы түрде Районлық комиссия баслығы

 

 

Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл 18 – февраль күнги
58-02 – санлы қарарына

2-қосымша

 

 

Кегейли районы Қорғаныў ислери бөлими жанындағы Қураллы Күшлерди жәмлеў комиссиясы

ҚУРАМЫ

 

1 Б.Кулмурадов Комисся- баслығы, Арқа-батыс әскерий округ бѳлими баслығы, (келисим тийкарында)
2 А.Қалмуратов Миллий гвардия ўәкили
3 А.Тилеўмуратов Районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары
4 И.Акимов Районлық Айрықша жағдайлар бѳлими баслығы ў.ў.а
5 С.Изимбетов Миллий қәўипсизлик хызмети ўәкили

(келисим тийкарында)

6 Х.Комекова Районлық Қорғаныў ислери бѳлими шақырыў бѳлимшеси баслығы аға жәрдемшиси

 

 

 

Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл 18 – февраль күнги
58-02 – санлы қарарына

3-қосымша

 

Районлық Қорғаныў ислери бөлими жанындағы районлық комиссиясы ҚУРАМЫ

 

1 А.Сейтимбетов Район ҳәкиминиң орынбасары, комиссия баслығы
2 У.Кучкаров Районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, комиссия баслығы орынбасары
3 А.Тилеўмуратов Районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары
4 Г.Хожамбергенова Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап- қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары
5 К.Шаниязов Районлық медицина бирлеспеси шыпакери, комиссиясы аға шыпакери
6 Х.Комекова Районлық Қорғаныў ислери бѳлими шақырыў бѳлимшеси баслығы аға жәрдемшиси
7 С.Жалменова Районлык медицина бирлеспеси ҳамширасы

 

Еслетпе: Комиссия ағзаларының лаўазымы өзгерген жағдайда, тийисли лаўазымға жаңадан тайынланған шахс комиссия ағзасы есапланады.

 

Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл 18 – февраль күнги
58-02 – санлы қарарына

4-қосымша

 

Қорғаныў ислери бөлими жанындағы аймақлык медицина комиссиясы

қурамы

 

1 К.Шаниязов Жоқары дәрежели хирург шыпакер, районлық медициналық комиссиясының аға шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
2 А.Айтжанова 2-дәрежели неврапотолог районлық медицина комиссиясының шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
3 Г.Айтекова Жоқары дәрежели районлық медициналық комиссиясының көз шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
4 Б.Файзуллаева Жоқары дәрежели психиатр район медицина комиссиясының шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
5 А.Реймов 1-дәрежели район медициналық комиссиясының қулақ-мурын шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
6 М.Ешмуратова 1-дәрежели районлық медицина комиссиясының тери шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
7 Г.Сейдаметова Жоқары дәрежели районлық медициналық комиссиясының тис шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен
8 Н.Сапарниязова 1-дәрежели районлық медицина комиссиясының кардиолог шыпакери, районлық Медицина бирлеспесинен

 

Еслетпе: Комиссия ағзаларының лаўазымы өзгерген жағдайда, тийисли лаўазымға жаңадан тайынланған шахс комиссия ағзасы есапланады

 

 

 

19.02.2021 10:19:35 327