Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 12-февральдағы «Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-февральдағы “Ѳзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәмде белгиленген хызмет мүддетин атқарып болған әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы ПҚ-4987-санлы қарары ҳаққында»ғы 33-санлы қарары ҳаққында

18.02.2021 15:12:46 382 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке шақырыў тәртибин және де жетилистириў ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине мүддетли әскерий хызметке шақырыў дәўиринде шақырыў жасындағы пуқараларға қолай шараятлар жаратыў мақсетинде Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 12-февральдағы «Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-февральдағы “Ѳзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәмде белгиленген хызмет мүддетин атқарып болған әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы ПҚ-4987-санлы қарары ҳаққында»ғы 33-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда көрсетип өтилген қарары менен төмендегилер:

а)  Шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Ѳзбекстан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары 2021-жылдың март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылыўы;

мүддетли әскерий хызметти атқарыўға жарамлы, сондай-ақ, шақырыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ усы шақырыў дәўиринде Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алыныўы белгиленгенлиги;

б)  Мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетин атқарып болған әскерий хызметкерлер 2021-жылдың март-апрель айларында Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери резервине босатылыўы белгилеп қойылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жоқарыдағы қарары менен:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-март күнги «Өзбекстан Республикасы пуқараларын әскерий хызметке шақырыў тәртибин буннан былайда жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4630-санлы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы Басшылық кеңеси (кейинги орынларда Басшылық кеңеси деп аталады) қурамы 1-қосымшаға, Қарақалпақстан Республикасы жәмлеў пунктинде әскерий-медициналық комиссиясы (кейинги орынларда әскерий-медициналық комиссиясы деп аталады) қурамы 2-қосымшаға ҳәм де мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметке шақырыў мәўсимин сыпатлы шөлкемлестириў бойынша илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы;

– Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-марттағы “Ѳзбекстан Республикасы пуқараларын әскерий хызметке шақырыў тәртибин және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4630-санлы қарарына муўапық 3-қосымшадағы үлгиге тийкарланып “қала ҳәм районлар қорғаныў ислери бөлимлери жанындағы Қураллы Күшлерди жәмлеў комиссиясы” қурамы, 4-қосымшадағы үлгиге тийкарланып “қала ҳәм районлар әскерий комиссиясы”, сондай-ақ, 5-қосымшадағы үлгиге тийкарланып “қала ҳәм районлар әскерий-медицина комиссиясы” қурамын тастыйықланғанлығы;

– Төмендегише:

Басшылық кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип:

шақырылыўшыларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў илажларын сыпатлы шөлкемлестириў;

шақырылыўшылардың физикалық таярлығы, пикирлеў қәбилети, сана- сезими, пидайылығы, қызығыўшылығы ҳәм басқа қәсийетлерин инабатқа алған ҳалда, оларды жәмлеў комиссиясы тәрепинен сап түрлерине туўры таңланғанлығына баҳа бериў;

әскерий-медицина комиссиясы тәрепинен денсаўлығы бойынша әскерий хызметке жарамлы деп табылған шақырылыўшыларды Қураллы Күшлер сап түри командаларына таңлаў (ямаса түрли себеплерге көре командаларға таңланбағанлығы) бойынша қарар қабыл етиў;

шақырылыўшыларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў;

қала ҳәм районлар ҳәкимликлери ҳәм жәмәәтшилик шөлкемлери тәрепинен шақырылыўшыларды жыйнаў ҳәм салтанатлы түрде әскерий бөлимлерге жибериў бойынша илажларды өткериўде өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириў;

жәмлеў комиссиясы, әскерий-медицина комиссиясы, аймақлық медицина комиссиясы ушын зәрур шараятларды жаратыў, дәри-дәрмақлар, медицина үскенелери ҳәм басқа материаллық-техникалық затлар менен тәмийинлеў, жәмәәт тәртибин сақлаў ислерин шөлкемлестириў;

мүддетли әскерий хызметке шақырыў ислериниң ашық-айдынлығы, сондай-ақ, шақырыўға байланыслы илажлардың ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытылыўын тәмийинлеў;

әскерий-медицина комиссиясы, жәмлеў комиссиясы ҳәм аймақлық медицина комиссиясы қарарларынан наразы болған шақырылыўшылардың шикаятларын көрип шығыў ҳәм шешими бойынша тийисли қарар қабыл етиў;

Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарынан түрли себеплерге байланыслы қайтарылған мүддетли әскерий хызметкерлери бойынша тексериў өткериў ҳәм тийисли ис-илажлар белгиленгенлиги;

– Әскерий-медицина комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары етип: Жәмлеў комиссиясы тәрепинен сап түрлерине таңланған шақырылыўшыларды тереңлестирилген медициналық көриктен өткериў;

шыпакер-қәнигелер тәрепинен шақырылыўшылардың есап карталарына киргизилген жазыў ҳәм жуўмақлардың туўрылығын тексериў;

Басшылық кеңеси баслығы менен биргеликте шақырылыўшыларды қосымша тексериў ҳәм емлениўге жолланба бериў, сондай-ақ, қосымша тексериў ҳәм емленгеннен кейин олардың қайтарылыўын қадағалаўға алыў;

шақырылыўшылардың денсаўлығы бойынша әскерий хызметке жарамлылығы бойынша жуўмақлаўшы медициналық шешим бериў;

медицина комиссиясы хызмети даўамында жол қойылған кемшиликлер анализин инабатқа алған ҳалда, әскерий-медицина комиссиясы шыпакер-қәнигелери менен кеңеслер өткериў;

Қураллы Күшлерди жәмлеў жуўмағы бойынша медицина комиссиясы жумысы нәтийжелерин улыўмаластырыў, есабат таярлаў ҳәм белгиленген тәртипте Басшылық кеңеси баслығына тапсырыў ўазыйпасы жүклетилгенлиги;

– Жәмлеў комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары етип:

мүддетли әскерий хызметке жибериў ушын усынылған ҳәм әскерий медицина комиссиясы тәрепинен әскерий хызметке жарамлы деп табылған шақырылыўшылар менен сәўбет өткериў, ден саўлығы, физикалық таярлығы, пикирлеў қәбилети ҳәм басқа қәсийетлерди инабатқа алған ҳалда сап түрлерине таңлаў бойынша қарар қабыл етиў;

қабыл етилген қарарларды шақырылыўшылардың жеке ис китабының тийисли бетине белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ҳәм қол қойыў;

шақырылыўшыларды мүддетли әскерий шақырыў ислериниң ашық- айдынлығы ҳәм объективлигин тәмийинлеў;

орынлардағы тийисли мәкемелер, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери, сондай-ақ, жәмәәтшилик шөлкемлериниң шақырылыўшыларды жыйнаў ҳәм оларды салтанатлы түрде әскерий бөлимлерге жибериў бойынша илажларды өткериўде өз-ара бирге ислесиўди шөлкемлестириў;

шақырылыўшылар, олардың ата-аналарының шақырыўға байланыслы мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў ҳәм тийисли қарар қабыл етиў ўазыйпалары жүклетилгенлиги;

– Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлиги (У.Сабуров)не Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери менен биргеликте Қураллы Күшлерден резервке босатылған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша комплекс ис-илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў тапсырылғанлығы.

– Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы (Н.Жақсымуратова), Хабар ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы (А.Бекмуратов)на Қорғаныў ислери басқармасы (О.Кувватов), Ишки ислер министрлиги (А.Темирханов), Айрықша жағдайлар басқармасы (А.Давлетов), Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси (А.Данияров) менен биргеликте шақырыў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы илажларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытып барыў усыныс етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2021-жылғы мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыўы резерви хызметине шақырыў мәўсимин сыпатлы шөлкемлестириў бойынша районлық илажлар режаси 1-қосымшаға, районлық Қураллы Күшлерди жәмлеў комиссиясы қурамы 2-қосымшаға, районлық Қорғаныў ислери бөлими жанындағы районлық комиссиясы қурамы 3-қосымшаға ҳәм де Қорғаныў ислери бөлими жанындағы районлық медициналық комиссиясы қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Район ҳәкиминиң орынбасары (А.Сейтимбетов), районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы (А.Дүйсенбаев) менен биргеликте Қураллы Күшлерден резервке босатылған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша комплекс ис-илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

– Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы районлық ўәкили (Қ.Жиемуратов), районлық Қорғаныў ислери бѳлими (У.Кучкаров), районлық Ишки ислер бөлими (И.Салиев), районлық Айрықша жағдайлар бөлими (И.Акимов), Жаслар ислери агентлиги районлық бѳлими (А.Тѳремуратов) менен биргеликте шақырыў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы илажларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытып барыў усыныс етилсин.

  1. Район ҳәкимлигиниң 2020-жыл 12-март күнги 100-03-санлы қарары өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  2. Усы шешиминиң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Сейтимбетовқа жүклетилсин.

 

 

 

Кегейли районы

                            ҳәкими                                                Д.Утемуратов

 

18.02.2021 15:12:46 383