Кегейли районы, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны (Кегейли массиви) аймағындағы ҳәкимият жер қоры есабынан тендер жеңимпазы пуқара Аллияров Султан Бердахбаевичға палызшылық жөнелиси бойынша фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын жер майданларын ажыратып бериў ҳаққында

17.02.2021 15:10:08 289 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районы, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы (Кегейли массиви) ҳәкимият жер қоры есабынан тендер жеңимпазы пуқара Аллияров Султан Бердахбаевичтың палызшылық жөнелиси бойынша фермер хожалығын дүзиў ушын район ҳәкимлигине  2020-жыл 13-ноябрь күнги жазған арзасына тийкарланып, район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясының жуўмағына ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 30-октябрьдағы 476-санлы қарарына, Өзбекстан Республикасы «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамына ҳәм Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 53-статьясына, сондай-ақ, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2020-жыл 28-декабрь күнги 70/19-санлы шешимине тийкарланып, Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Кегейли районы, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны (Кегейли массиви) аймағындағы ҳәкимият жер қоры есабынан тендер жеңимпазы пуқара Аллияров Султан Бердахбаевичқа палызшылық жөнелиси бойынша фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын жер майданларын ажыратып бериў хаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «10»-февраль күнги жуўмағы мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны (Кегейли массиви) аймағындағы ҳәкимият захира жер қоры есабынан тендер жеңимпазы пуқара Аллияров Султан Бердахбаевичқа палызшылық жөнелиси бойынша  фермер хожалығына аўыл хожалық картасының № 4918, 4916ч -контурларда  жайласқан  улыўма  жер  майданы  15,4 га, соннан;  13,3 га егислик жерлер, 1,7 га жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,4 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары 49 жыл муддетке ижараға ажыратылып берилсин.
  3. Кегейли районы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимине жер балансына тийисли өзгерис киргизиў тапсырылсын.
  4. Пуқара Аллияров Султан Бердахбаевичқа Өзбекстан Республикасы «Жер кадастры ҳаққында»ғы Нызамының 13 (2) статьясына муўапық жер участкасына болған ижара ҳуқықын белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў ўазыйпасы жүкленсин.
  5. Усы шешимди көрип шығып тастыйықлаўды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен соралсын.
  6. Усы шешиминиң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

 

 

  Кегейли районы

          ҳәкими:

 

Д.Утемуратов

 

 

 

17.02.2021 15:10:08 290