Ѳзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниӊ 6, 20 ҳәм 23-статьяларына, Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиӊ 2021-жыл 10-февраль күнги 01-01-69-санлы хатына тийкарланып ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «17»-февраль күнги актин кɵрип шығып, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиӊ 2021-жыл 10-февраль күнги 01-01-69-санлы хаты қанаатландырылсын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «17»-февраль күнги акти тастыйықлансын.
- Кегейли районы «Қумшүнгил» аўыл пуқаралар жыйыныныӊ ҳәкимшилик имаратыныӊ қурылысы ушын, Кегейли районы «Қумшүнгил» аўыл пуқаралар жыйыны «Соржап» елатлы пунктинде жайласқан, Кегейли районы ҳәкимлигиниӊ жер қоры есабында турған, аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданынан 600,0 кв.метр жер майданы ажыратып берилсин.
- Кегейли районы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры бɵлими (Ж.Сейтназаров)не жер есабатларына тийисли тәртипте ɵзгерис киргизиў тапсырылсын.
- Кегейли районы Қурылыс бɵлими (Н.Отепова)не архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп бериў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.
Кегейли районы
ҳәкими: Д.Утемуратов