2021-жылда туқымлық пахта жетистириў ҳуқықына ийе болыў ушын фермер хожалықлары арасында таңлаў өткериў ҳаққында

08.01.2021 15:04:51 234 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниӊ биринши орынбасары Ш.Тешаевтыӊ 2021-жыл 5-январь күнги 02/020-20-санлы телефакс-хабарнамасы хәм Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри А.Якубовтыӊ 5-январь күнги 01/011-16-санлы телефакс-хабарнамасы, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2017-жыл 17-декабрь күнги 1551-саны менен дизимге алынған «Супер элита ҳәм кейинги әўладларға туқымлық пахта жетистириў ҳуқықына ийе болыў ушын хожалықлар арасында таңлаў өткериў тәртиби ҳаққында»ғы нызамныӊ орынланыўы мақсетинде Кегейли районы ҳәкими

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Супер элита, элита ҳәм кейинги әўладларға туқымлық пахта жетистириў ҳуқықына ийе болыў ушын районда 2021-жыл 20-январьдан 20-февраль күнлери аралығында туқым пахта жетистириўши фермер хожалықлары арасында танлаў өткерилсин.
  2. Супер элита, элита ҳәм кейинги әўладларға тийисли туқымлық пахта жетистириў хуқықына ийе болыў ушын таӊлаў ѳткериў бойынша комиссия қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Районлық исши топарына:

-таңлаўға усыныс етилген ҳүжжетлердиң дурыслығын тәмийинлеў жуўапкершилиги жүклетилсин;

-орынларда пахтадан сапалы ең жоқары өним жетистирип киятырған фермер хожалықларын таңлаўда қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде сөйлесиўлер өткериў;

-таңлаўлардың әдиллик ҳәм ашық-айдынлық пенен өткерилиўин тәмийинлеў;

-арза тапсырған фермер хожалықлардың ҳүжжетлерин сондай-ақ қойылған  рейтинг балларының дурыслылығын терең үйрениў;

-орынланған жумыслар бойынша район ҳәкимлигине мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.

  1. Усы шешим менен ѳткерилетуғын таңлаў «Кегейли турмысы» газетасында (Е.Махамбетов) рәсмий жәриялансын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаўды район ҳәкиминиӊ аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары К.Есенбековқа жүкленсин.

 

      Кегейли районы ҳәкими:                                      Д.Утемуратов

 

 

  Кегейли районы ҳәкиминиӊ 2021-жыл «8» январь 7-01-санлы қарарына қосымша

 

Супер элита, элита ҳәм кейинги әўладларға тийисли туқымлық пахта жетистириў хуқықына ийе болыў ушын таӊлаў ѳткериў бойынша комиссия

ҚУРАМЫ

   Ф.И.О  Лаўазымы

Коммисия баслығы

1. А.Юсупов Районлық аўыл хожалық бөлими баслығы
Коммисия ағзалары
2. Б.Қурбаниязов Район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеӊеси баслығы
3. С.Қалханов “Агробанк” АТБ район филиалы басқарыўшысы
4. Қ.Примбетов Район Ирригация бөлими баслығы
5. Р.Ережепов «ҚҚАгрокимиёҳимоя» ААЖ Кегейли филиали баслығы
6. Ж.Сейтназаров Кадастр агентлигиниң район бөлими баслығы
7. С.Кудайназаров Инспекцияныӊ район бөлими аға инспекторы
8. К.Аманиязов Районлық аўыл хожалық бөлими баслығыныӊ агротехнология мәселелери бойынша орынбасары
9. Ш.Нуруллаев “Kegeyli Chimboy Agrocluster” ЖШЖ балығы
Коммисия хаткери
10. Ш.Мамбетов Районлық аўыл хожалық бөлими қанигеси
08.01.2021 15:04:51 235