Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы»на Кегейли районы аймағынан велосипедте ҳәрекетлениў жоллары, киши баскетбол, футбол ҳәм workout майданшаларын қурыўға руқсат бериў ҳаққында

15.02.2021 16:57:58 494 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 30-октябрь күнги                              ПП-6099-санлы пәрманына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы»ныӊ 2020-жыл 28-декабрь кунги №1064-01/07-санлы Кегейли районы аймағынан велосипедте ҳәрекетлениў жоллары, киши баскетбол, футбол ҳәм workout майданшаларын қурыўға руқсат бериўди сораған мазмундағы қатнас хатын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «___»-январь күнги актин кɵрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы»ныӊ 2020-жыл 28-декабрь кунги №1064-01/07-санлы, Кегейли районы аймағынан велосипедте ҳәрекетлениў жоллары, киши баскетбол, футбол ҳәм workout майданшаларын қурыўға руқсат бериўди сораған мазмундағы қатнас хаты қанаатландырылсын ҳәм Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў комиссиясының 2021-жыл «___»-январь күнги акти мақуллансын.
  2. Кегейли районы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны Кегейли гүзары бойынан пиядалар жүриў жолы ҳәм велосипед жолы ушын 1,2 га, стритбол майданшасы ушын (15м х25м х2=750 кв.м) 0,075 га, футбол майданшасы ушын (22м х 42м=924кв.м) 0,0924 га, workout майданшасы ушын (15м х 15м х2=450 кв.м) 0,045 га, бадминтон майданшасы ушын (8м х10м х2=160 кв.м) 0,016 га, жәми 1,4284 га жер майданларында қурылыс жумысларын алып барыўға қосымша жайласыў схема сызылмалары тийкарында руқсат етилсин.
  3. Кегейли районы қурылыс бөлими (Н.Отепова)не архитектуралық- жобаластырыў тапсырмасын ислеп шығыў тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.

 

 

              Кегейли районы

                     ҳәкими:                                              Д.Утемуратов

15.02.2021 16:57:58 495