Кегейли районы «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағындағы район ҳәкимлиги резервинде турған жер майданларынан «MANSUR AYDOS JASUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине балық азығы болған от-жем (корм) менен тәмийинлеў мақсетинде қосымша жер майданларын ижараға ажыратып бериў ҳаққында

16.02.2021 16:55:14 201 Баспаға шығарыў

Кегейли районы «Жүзим бағ» АПЖ  (Халқабад массиви) аймағындағы район ҳәкимлиги резерв жер майданлары есабында турған жер майданларынан «MANSUR AYDOS JASUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қосымша жер майданларын ажыратып бериў ҳаққындағы «MANSUR AYDOS JASUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 2021-жыл 6-январь күнги 2-санлы қатнас хаты ҳәм Өзбекстан Республикасы “Жер кодекси”ниң 6, 20, 23, 46, 49-статьяларына тийкарланып Кегейли  районы ҳәкими

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Кегейли районы «Жүзим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағындағы район ҳәкимлиги резервинде турған жер майданларынан «MANSUR AYDOS JASUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине балық азығы болған от-жем (корм) менен тәмийинлеў мақсетинде жер майданларын ижараға ажыратып бериў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын ийелик етиўге, пайдаланыўға, ижараға бериў ҳәм мүлк етип бериў (реализация қылыў) мәселелерин көрип шығыў бойынша турақлы ҳәрекет етиўши комиссиясының 2021-жыл «12»-февраль күнги акти тастыйықлансын.
  2. «MANSUR AYDOS JASUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине район ҳәкиминиң 2020-жыл 28-август күнги 319-08-санлы шешимине тийкарланып «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны (Халқабад массиви) аймағындағы районлық ҳәкимият резерв жер майданларынан улыўма майданы 9,7 га, соннан; 9,7 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары турақлы пайдаланыўға ажыратылып берилген. Усы жер майданларына Кегейли районы, “Жүзим бағ” АПЖ (Халқабад массиви) аймағындағы районлық резерв жер майданларынан балықшылық тараўын және де раўажландырыў мақсетинде балық азығы болған от-жем (корм) менен тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалық картасындағы №8906қ- контурда жайласқан жǝми 7,88 га, соннан; 0,37 га жол ҳәм шеллер, 7,51 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары 30 (отыз) жыл мүддетке ижараға ажыратылып берилсин.
  3. «MANSUR AYDOS JASUR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма жер майданы 17,58 га, соннан; 0,37 га жол ҳәм шеллер, 17,21 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданлары етип белгиленсин.
  4. Районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры бөлими (А.Тилеулесов)не усы шешим тийисли юридикалық күшке киргеннен соң район жер есабатына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  5. Усы қарарды көрип шығып тастыйықлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен соралсын.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

  

 

Кегейли   районы  ҳәкими:                                     Д.Утемуратов

 

16.02.2021 16:55:14 202