Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл
31-январдағы 54-санлы қарары менен тастыйықланған «Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Реже (Ўзбекистон Республикаси Қонун ҳужжатлари тўплами, 2003йил, 1-2-сон, 17-модда)ге тийкар, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 6-статьясы (Ўзбекистон Республикаси Олий Кенгашининг Ахборотномаси, 1993йил, 9-сон, 320-модда)на муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесинде өткерилген 2021-жыл 06-январь күнги 02-08/13-01/3-санлы жыйналыс баянламасыныӊ орынланыўын тәмийинлеў, район аймағында барлық хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳәм пуқараларға тийисли болған автомототранспорт қуралларын ҳәм тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў мақсетинде, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Район аймағындағы мүлкшилик көринисине қарамастан юридикалық ҳәм физикалық шаҳсларға тийисли автомототранспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелери тийисли тәртипте мәжбүрий техникалық көриктен өткерилсин.
- Районда транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў төмендеги мүддетлерге муўапық белгиленсин:
а) коммерциялық тийкарында жолаўшылар тасыў ушын пайдаланылатуғын жеңил автомобиллер, автобуслар ҳәм отыратуғын орынлар саны 8 ҳәм оннан артық болған (айдаўшының орнынан тысқары), адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобиллери, үлкен габаритли, аўыр салмақлы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелери-бир жылда еки мәрте;
б) ислеп шығарылғанына бес жылдан көп болмаған (ислеп шығарылған жылыда киреди транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары)-еки жылда бир мәрте;
в) ислеп шығарылған жылын есапқа алған жағдайда ислеп шығарылғанына бес жылдан артық болған транспорт қураллары, сондай-ақ, ислеп шығарылған ўақты анықланбаған транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары)-бир жылда бир мәрте;
г) тиркемелер көрикке транспорт қуралы-тиркеўши ушын белгиленген мүддетлерде;
д) нәўбеттеги техникалық көриктен өткериўдиң алдын көрсетилген мүддетлерине қарамастан оларды Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети (кейинги орынларда МЖҲҚХ деп жүритиледи) органларында дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында;
е) олар ислеп шығарылған жылына қарамастан МЖҲҚХ органларында дизимнен өткерилген (қайта дизимнен өткерилген) күннен баслап бир жыл өткен соң (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген жағдайлардан тысқары).
- Усы қарардың 2-бәнти «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларының техникалық көриги:
биринши мәрте 2021-жылдың 1-март-30-июнь аралығында;
екинши мәрте 2021-жылдың 1-сентябрь-31-октябрь аралығында;
юридикалық шаҳсларға қараслы болған транспорт қуралларыңың техникалық көриги 2021-жылдың 1-март-30-июнь аралығында;
физикалық шаҳсларға қараслы болған транспорт қуралларының техникалық көриги 2021-жылдың 1-январь-31-август аралығында өткерилетуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шаҳсларға тийисли болған техникаларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў комиссия қурамы 1-қосымшаға;
район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шаҳсларға тийисли болған автомоторанспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районы ҳәкиминиң 2020-жыл 17-февраль күнги «Кегейли районы аймағында барлық хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳәм пуқараларға тийисли болған автомототранспорт қуралларын ҳәм тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳаққында»ғы 63-02-санлы шешими («Кегейли турмысы» газетасы, 2020-жыл 29-февраль 3-4(6215-6216) 2020-жыл 31-декабрден өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- «Кегейли турмысы» газетасы (Е. Мухамбетов)на ҳәм район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети (Т. Мухиятдинова)не:
усы шешимди «Кегейли турмысы» газетасында жәриялаў ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.
- Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди
Кегейли районы
ҳәкими: Д.Утемуратов