Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 29-декабрь күнги «2017-2021 жылларда Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызметин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2707-санлы қарарына муўапық Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 19-июль күнги «Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызметин жетилистириў ҳаққында»ғы 528-санлы қарары талапарын орынлаў ҳәмде Кегейли районы Мектепке шекемги билимлендириў бѳлиминиң 2020-жыл 18-декабрь күнги №01-01/569/1-санлы хатын қанаатландырыў мақсетинде
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н:
- Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 29-декабрьдеги
«2017-2021 жылларда Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызметин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2707-санлы қарары мағлыўмат ҳәм орынлаў ушын басшылыққа алынсын. - 2021-жыл январь айынан баслап Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған 3-6 жастағы балалардың қамтылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
4-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми негизинде «Жалпақ жап» АПЖда жайласқан 4-санлы мектеп имараты базасында 25 бала, 7-санлы мектеп имаратынан 20 бала, 33-санлы мектеп имаратынан 20 бала, 36-санлы мектеп имаратынан 20 бала, 38-санлы мектеп имаратынан 25 бала ушын ҳәр биринен 1 қысқа мүддетли топар;
5-санлы Мектепке шекемги билимлендириӯ шѳлкеми негизинде «Жүзим бағ»АПЖ да жайласқан 6-санлы мектеп имаратынан 25 бала, 25-санлы мектеп имаратынан 20 бала, 27-санлы мектеп имаратынан 20 бала ушын ҳәр биринен 1 қысқа мүддетли топар;
6-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми негизинде «Ақтуба» АПЖ да жайласқан 10-санлы мектеп имаратынан 20 бала, 11-санлы мектеп имаратынан 20 бала ушын ҳәр биринен 1 қысқа мүддетли топар;
10-санлы Мектепке шекемги билимлендириӯ шѳлкеми негизинде «Жүзим бағ» АПЖ да жайласқан 21-санлы мектеп имаратынан 20 бала, 23-санлы мектеп имаратынан 20 бала ушын ҳәр биренен1 қысқа мүддетли топар;
17-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми негизинде «Жаңабазар» АПЖда жайласқан 16-санлы мектеп имаратынан 20 бала ушын 1 қысқа мүддетли топар шѳлкемлестирилсин.
- Район ҳәкиминиң биринши орынбасары (Н.Ещанов), районлық Қаржы бѳлими (К.Жиенбаев), Мектепке шекемги билимлендириӯ бѳлими (А.Қайтекеева) менен биргеликте районлық 4-5-6-9-10-17-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шѳлкемлериниң смета ҳәм штат кестелерин қайта ислеп шығыў ўазыйпалары тапсырылсын.
- Районлық Мектепке шекемги билимлендириў бѳлими (А.Қайтекеева)не
4-5-6-9-10-17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкемлерине штат бирлигинде ажыратылған топарларға шараят жаратыў, балаларды топарға толық қамтып алыў, азық-аўқат ѳнимлери менен тәмийинлеў ҳәм ажыратылған қаржылардың мақсетке муўапық сарыпланыўына жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин. - Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещанов, район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетовқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов