Кегейли районы «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетине целлюлоза цехы қурылысы ушын ажыратылып берилген жер майданларының айырым бөлегин район ҳәкимлиги жер қоры есабына қайтарып алыў ҳаққында

06.02.2021 12:44:13 520 Баспаға шығарыў

«KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетиның целлюлоза цехы қурылысы ушын ажыратылып берилген жер майданларының айырым бөлегин  қайтарып тапсырыў ҳаққындағы 2021-жыл 11-январь күнги 134-санлы қатнас хаты, район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның таярлаған ҳүжжетлерин көрип шығып ҳәм Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине муўапық, Кегейли районы ҳәкими

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. «KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетиның жер майданларын қайтарып алыў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның 2021-жыл «3»-февраль күнги акти мақуллансын.
  2. «Жузим бағ» АПЖ (Халқабад массиви) аймағында жайласқан «KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетине район ҳәкиминиң 2017-жыл 20-декабрь күнги 862-12-санлы шешими менен ажыратылып берилген, 2020-жыл 28-октябрь күнги 402-02-санлы шешимине тийкар жер майданларының айырым бөлегин район ҳәкимлиги жер қоры есабына қайтарып алынған. «KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетиның улыўма майданы 15,0 га, соннан; 14,7 га жайлаў жер, 0,1 жап-салма ҳәм изейкешлер, 0,2 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданларын ибарат. Өзбекстан Республикасы Министерлер Кеңесиниң 2018-жыл 23-апрелдеги “Аймақларара бирликлер шегараларын белгилеў, жер ресрусларын хатлаўдан өткериў, жайлаў ҳәм пишензарларда геоботаник изертлеўлер өткериў тәртибин және де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 299-санлы қарарының 2-бәнтине тийкар, Кегейли районы аймағындағы хожалықларара жер ресурсларын хатлаўдан өткериў жумыслары нәтийжеси тастыйқланды. Усыған тийкар исленген аўыл хожалық картасындағы № 8762ч, 8763-контурларда жайласқан улыўма майданы 10,0 га, соннан; 10,0 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер майданы ҳәкимият жер қоры есабына қайтарып алынсын.
  3. Қайтарып алынған жер майданлары аўыл хожалық картасындағы №8762ч, 8763-контурларда жайласқан улыўма 10,0 га жер майданы район ҳәкимлиги жер қоры есабына өткерилсин.
  4. «KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетиниң улыўма майданы 5,0 га жер майданы етип белгиленсин.
  5. Районлық Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимине «KEGEYLI QOGOZ» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетиның жер майданлары есабына тийисли өзгерислер киргизиў тапсырылсын.
  6. Усы қарарды көрип шығып тастыйықлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен соралсын.
  7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.

 

Кегейли районы ҳакими                                                                            Д.Утемуратов

 

 

06.02.2021 12:44:13 521