Кегейли районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиӊ имараты қурылысы ушын жер майданын ажыратып бериў ҳаққында

02.02.2021 14:35:01 231 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 22-апрелдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық, бюджет, базалық инфраструктура ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын сыртқы жәрдем қаржыларын тартыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4691-санлы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниӊ  2021-жыл 25-январдағы 328/474-санлы хаты, Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы  басқармасыныӊ  2021-жыл 27-январдағы 10-396-санлы факсограмма хаты бойынша, Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлаў (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл  «30» январь күнги актин көрип шығып, Кегейли районы ҳәкими

 

Ш Е Ш И М    Е Т Е Д И:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 22-апрелдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық, бюджет, базалық инфраструктура ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын сыртқы жәрдем қаржыларын тартыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4691-санлы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиӊ 2021-жыл 29-январдағы 1/1-101-санлы хаты қанаатландырылсын, Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы кәрхана, мәкеме, шɵлкем ҳәм пуқараларға аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа зәрүрликлер ушын жер участкаларын таңлау (ажыратыў) мәселелерин кɵрип шығыў бойынша комиссиясыныӊ 2021-жыл  «30» январь күнги акти мақуллансын.
  2. Кегейли районы, «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Кегейли гузары көшеси бойында жайласқан Кегейли районы медицина бирлеспеси жер майданы аймағындағы пайдаланылмай бос турған 0,80 жер майданы, Кегейли районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиӊ имараты қурылысы ушын ажыратып берилсин.
  3. Кегейли районы Қурылыс бɵлими (Н.Отепова)не архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп бериў тапсырылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа жүкленсин.

 

 

    Кегейли районы

         ҳәкими:                                                           Д.Утемуратов

02.02.2021 14:35:01 232