Жынаятшылықлардың алдын алыў илажлары ҳаққында пуқаралар менен ушырасыў өткерилди

13.07.2021 14:49:20 355 Баспаға шығарыў

2021-жыл 10-июль күни саат 15:25лер әтирапында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министирлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы нәўбетшилик бөлимине келип түскен хабарға муўапық, усы күни саат 14:30лар шамасында Кегейли районы аймағынан өтиўши 4R-178 «Қумшүнгил-Темиржол с/т Қазанкетген аўылына автомобиль жолыныӊ 3-4км де 4К-3 «Г» Халқабад айланба жолы кесилиспесинде Шымбай районы «Қамсарық» АПЖда жасаўшы И.У исимли айдаўшы өзиниӊ атында болған «ГАЗ 5312» маркалы мәмлекетлик белгиси 95U 942 GA болған автомашинасын басқарып киятырып, биринши дәрежели жолдан өз жөнелиси бойлап ҳәрекетленип киятырған Кегейли районы «Ақтуба» АПЖда жасаўшы 1979-жылы туўылған С.М исимли айдаўшы «Нөкис қаласы ООО «INDIGO TRANS»ға тийисли болған «ISUZU SAZ NP37» маркалы 95 401 МАА болған автомобили менен дүгисип жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген.

Мине усы жол транспорты ҳәдийсесиниң жүз бенриўи, районда қайта жынаятшылықтың алдын алыўы бойынша сектор басшыларының “Гүжим терек” МПЖ аймағында пуқаралар менен ушырасыўы болып өтти. Онда тийкарынан район аймағында  жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў, жүз берип атырған жынаятларға деген пуқаралардың пикирлери додаланды.

Ушырасыў соңында жынаятшылықлардың алдын алыў илажлары бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилип, олардың өз ўақтында орынланыўы үстинен қадағалаў өткериў мәселеси айрықша атап өтилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

13.07.2021 14:49:20 356