Кегейли районы аймағындағы қәбиристанлардың атамаларын тастыйықлаў ҳаққында

09.07.2021 13:10:08 402 Баспаға шығарыў

2021 жыл 8-июль                                              № 173/32

 

 

Кегейли районы аймағындағы қәбиристанлардың атамаларын тастыйықлаў ҳаққында

 

 

Өзбекстан Республикасының “Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында”ғы Нызамы (Ѳзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2011-жыл, 41-санлы, 448-статья), Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 16-октябрь күнги «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Нызамына муўапық географиялық объектлердиң атамалары тараўындағы жумысларды тәртипке салыў ис-илажлары туўралы» 295-санлы нызамы (Ѳзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2012-жыл, 4142-санлы,
483-статья), сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-март күнги 01-30/1-34-25-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў, соның менен бир қатарда географиялық объектлерге атама бериў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў мақсетиндеѲзбекстан Республикасы «Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамның6-статьясына тийкарланып күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додалынып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ  ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл
    11-март күнги 01-30/1-3425-санлы баянламасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм қайта атама бериў мәселелери бойынша комиссиясының 2021-жыл 7-май күнги 01-08/05-05/224-санлы баянламасы инабатқа алынсын.

2.Географиялық объектлерге атама бериў ҳәм қайта атама бериў мәселелери бойыншаКегейли районлық комиссиясының 2021-жыл 21-апрель күнги 01-865-санлы мәжилис баянламасының қосымшасында келтирилген
55қәбиристанның атамасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Районлық Статистика бөлими (М.Бекмуратов)не ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң мәмлекетлик кадастрлары палатасы Кегейли районы филиалы (Д.Рустемовқа)на усы шешимниң қосымшасына муўапық атамалары тастыйықланатуғын географиялық объектлерди қайта дизимнен өткериў ўазыйпасы тапсырылсын.
  2. Район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық географиялық объектлерге атама бериў ҳәм қайтадан атама бериў мәселелери бойынша комиссиясы баслығының орынбасарлары (Г.Қайпов, А.Сейтимбетов)на бир ҳәпте мүддет ишинде атамалары тастыйықланып атырған географиялық объектлер (қәбиристанлар)диң атамалары бойынша сол аймақларда түсиник, үгит-нәсият жумысларын алып барыў жумыслары тапсырылсын.
  3. Район ҳәкиминиң биринши орынбасары (Н.Ещанов), районлық Финанс бѳлими (К.Жийенбаев)не атамалары тастыйықланған географиялық объектлер (қәбиристанлар)диң атамалары жазылған заманагѳй кѳрсеткишлердиң (баннер ҳәм т.б.) жаздырылыўында ҳәм орнатылыўында әмелий жәрдем кѳрсетиўи, ал, районлық Абаданластырыў басқармасы
    (М. Мамбетниязов)на атамалары тастыйықланған географиялық объектлер (қәбиристанлар)диң атамалары жазылған заманагѳй кѳрсеткишлерди
    избе-изликте орнатыў ўазыйпалары жүкленсин.

6.Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети (Т.Мухиятдинова)не усы шешимди ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырыў
ҳәм «Кегейли турмысы» газетасында жәриялаў тапсырылсын.

  1. Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

8.Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң социаллық-мәдений тараўды раўажландырыў, шаңарақ,ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

 

 

 

Халық депутатлары Кегейли

районлық Кеңесиниң баслығы:   Д.Утемуратов

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Келисилди:

 

Район ҳәкиминиң

биринши орынбасары:                                                    Н. Ещанов

 

Район ҳәкиминиң

санаатты раўажландырыў,

капитал қурылыс, коммуникациялар

ҳәм комунал хожалығы мәселелери

бойынша орынбасары:                                                    А. Отемуратов

 

Район ҳәкиминиң жаслар сиясаты,

социаллық раўажландырыў ҳәм

руўхый-ағартыўшылық мәселелери

бойынша орынбасары:                                                    Г. Қайпов

 

Район ҳәкиминиң орынбасары,

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты

қоллап-қуўатлаў бөлиминиң

баслығы:                                                                            А. Сейтимбетов

 

Районлық Статистика

бөлиминиң баслығы:                                                   М. Бекмуратов

 

Қарақалпақстан Республикасы

Мәмлекетлик Салық комитети

жанындағы Кадастр агентлигиниң

мәмлекетлик кадастрлары

палатасы Кегейли районы филиалы

баслығы:                                                                          Д. Рустемов

 

 

Районлық Абаданластырыў

бөлиминиң баслығы:                                                    М. Мамбетниязов

 

Районлық Қаржы бөлиминиң

баслығы:                                                                         К. Жиенбаев

 

Кегейли районы аймағында атамалары  тастыйықланатуғын қәбиристанлардың

дизим

 

Географиялық объекттиң тарыйхый атамасы География

лық объекттиң ҳәзирги атамасы

Географиялық объекттиң  жайласыў орны Географиялық объекттиң  түри

 

“Бахытлы” МПЖ
1 Ҳәкимқул ата Ҳәкимқул ата “Бахытлы” МПЖ Қәбиристан
АқтубаАПЖ
2 Даўыт ата Даўыт ата “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
3 Мақсым әўлийе Мақсым әўлийе “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
4 Машарип әўлийе Машарип әўлийе “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
5 Боз әўлийе Боз әўлийе “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
6 Емберген ахун Емберген ахун “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
7 Гүмбезли Гүмбезли “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
8 Қалашық Қалашық “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
9 Қырық шейит Қырық шейит “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
10 Ныяз-Нурымбет Ныяз-Нурымбет “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
11 Қазы әўлийе Қазы әўлийе “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
12 Ҳабибулла ийшан Ҳабибулла ийшан “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
13 Шомбай әўлийе Шомбай әўлийе “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
14 Досым ата (Жаманша) Досым ата (Жаманша) “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
15 Суралы ийшан Суралы ийшан “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
16 Доспан Доспан “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
17 Үбби Үбби “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
18 Тоқтамыс Тоқтамыс “Ақтуба” АПЖ Қәбиристан
«Абат» АПЖ
19 Қаңлыбек-ийшан Қаңлыбек-ийшан «Абат» АПЖ Қәбиристан
20 Араншы Араншы «Абат» АПЖ Қәбиристан
21 Шүйт Шүйт «Абат» АПЖ Қәбиристан
22 Кенегес Кенегес «Абат» АПЖ Қәбиристан
23 Сапар ахун Сапар ахун «Абат» АПЖ Қәбиристан
24 Мамут ахун Мамут ахун «Абат» АПЖ Қәбиристан
25 Нурымбет ахун Нурымбет ахун «Абат» АПЖ Қәбиристан
26 Тоқмаңғыт Тоқмаңғыт «Абат» АПЖ Қәбиристан
«Жаңабазар» АПЖ
27 Танабай әўлийе Танабай әўлийе «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
28 Аршан Аршан «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
29 Жаңабазар Жаңабазар «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
30 Қарашоқы Қарашоқы «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
31 Пирим ийшан Пирим ийшан «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
32 Естек Естек «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
33 Мамықшы Мамықшы «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
34 Қарамаңғыт Қарамаңғыт «Жаңабазар» АПЖ Қәбиристан
«Жүзим бағ» АПЖ
35 Тораңғыл әўлийе Тораңғыл әўлийе «Жүзим бағ» АПЖ Қәбиристан
36 Қуўсырық ата Қуўсырық ата «Жүзим бағ» АПЖ Қәбиристан
37 Сейтлик ата Сейтлик ата «Жүзим бағ» АПЖ Қәбиристан
38 Аққум ата Аққум ата «Жүзим бағ» АПЖ Қәбиристан
39 Ийшан қала Ийшан қала «Жүзим бағ» АПЖ Қәбиристан
40 Ақ кесек Ақ кесек «Жүзим бағ» АПЖ Қәбиристан
«Жалпақ жап» АПЖ
41 Сейитлик 1 Сейитлик 1 «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
42 Шоқ тораңғыл Шоқ тораңғыл «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
43 Мәтек сыйық Мәтек сыйық «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
44 Белги Белги «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
45 Турымбет ата Турымбет ата «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
46 Жалғыз терек Жалғыз терек «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
47 Ғарбызшы Ғарбызшы «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
48 Бәшер ахун Бәшер ахун «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
 

49

Қулым ата Қулым ата «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
50 Шейитлик 2 Шейитлик 2 «Жалпақ жап» АПЖ Қәбиристан
«Қумшүнгил» АПЖ
51 Шибилий ата Шибилий ата «Қумшүнгил» АПЖ Қәбиристан
52 Геллели Геллели «Қумшүнгил» АПЖ Қәбиристан
53 Хожа Хожа «Қумшүнгил» АПЖ Қәбиристан
54 Турдыкеш Турдыкеш «Қумшүнгил» АПЖ Қәбиристан
55 Ешимқул Ешимқул «Қумшүнгил» АПЖ Қәбиристан

 

09.07.2021 13:10:08 403