Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң
отыз екинши сессиясы болып өтти. Онда депутаталар, сектор басшылары, мәкеме кәрхана басшылары соның менен бирге ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Күн тәртибинде тийкарынан төмендеги мәселелер көрип шығылды.
1.«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққында.
- Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги
“2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында районда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында. - Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Кегейли районындағы Исбилерменлер муражатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жылдың биринши ярым жыллығында исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
- Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2021 жылдың биринши ярым жыллығында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға қаратылған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
- Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының 2021 жылдың биринши ярым жыллығында райондағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
- Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң 2021 жылдың биринши ярым жыллығында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығыныӊ 2021 жылдың биринши ярым жыллығында жергиликли бюджет дараматларыныӊ орынланыў жағдайлары, қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслар, сондай-ақ салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер кесиминде бюджетке есапланған ҳәм әмелде өндирилгенлиги, олар бойынша салық қарыздарлығы туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм сектор басшыларының “Ҳаяллар дәптери” дизиминде турған айырым ҳаял-қызларды дәптерден шығарыў бойынша усыныслары ҳаққында.
- Кегейли районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша усынысы ҳаққында.
- “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-сентябрьдеги ПҚ-4840-санлы қарарының орынланыў барысы, халықты тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў жағдайлары, сондай-ақ пайда болған дебиторлық қарыздарлықларды өндириў бойынша алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районы аймағындағы қәбиристанлардың атамаларын тастыйықлаў ҳаққында ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңес ўәкиллигине киретуғын басқада мәселелер.
Көрсетилген мәселелер бойынша жуўапкерлер тәрепинен баянатлар оқылып, әҳмийетли деп табылған бир қатар мәселелер сессия қатнасыўшылары тәрепинен кең додаланды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети