Кегейли районы прокуратурасының есабат мәжлиси болып өтти

07.07.2021 14:48:44 561 Баспаға шығарыў

2021-жылдың 6 айы даўамында районда нызамшылықты беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўди шөлкемлестириў, пуқаралардың ҳуқуқ ҳәм еркинликлерин қорғаў , әмелге асырылған ислер ҳаққында Кегейли районы  прокуратурасының есабат мәжлиси болып өтти.

Мәжлиске Каракалпакстан Республикасы прокуратурасы ишки ислерде нызамшылық үстинен бақлаў бөлими баслығы орынбасары

Қ.Асанов, Кегейли районы ҳәкими  Д.Утемуратов, сектор басшылары, мәкеме кәрхана басшылары сондай-ақ ғалаба хабар ўәкиллери қатнасты. Онда тийкарынан районда жүз берген жынаятлар ҳәм олардың алдын алыў илажлары ҳаққында мәселелер додаланды. Көтерилген мәселелер бойынша тараў хызметкерлери тәрепинен тужырымлы пикирлер билдирилип, машқалалардың унамлы шешими бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

07.07.2021 14:48:44 562