Кегейли районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

07.07.2021 13:20:26 380 Баспаға шығарыў

2021-жыл 2-июль күни «Ел хызметинде» газетасыныӊ Telegram каналында Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағы турғынлары тәрепинен жүзеге келип атырған суў машқаласы бойынша видео материаллар жәрияланды.

Онда кѳтерилген мәселелер «Қумшүнгил» АПЖ «Қазаяқлы» аўылы турғынларыныӊ үй алды қыйтақ жерлери ушын суў ажыратыў мәселелери бойынша тийисли тараў қәнигелери менен үйренип шығылығанда тѳмендегилер мәлим  болды.

Ҳақыйқатында да, видео мүрәжатта атап ѳтилгендей быйылғы жылда суўдыӊ кемтарыслығы себепли каналларға нәўбетпе-нәўбет суў бериў жолға қойылып, график тийкарында суў бѳлистирилип келинбекте. Мүрәжатта кѳрсетилген «Мақсым жап» хожалықлараралық каналына суў жеткерип бериўши          «Кѳк ѳзек» хожалықлараралық каналына «Қуўаныш жарма» магистрал каналынан НДН-48 (3,5 м3/с) маркалы 2 дана суў насосы агрегаты жәрдеминде суў алынады. «Мақсым жап» каналыныӊ жәми узынлығы 9,2 км болып, быйылғы жылда суўдыӊ аз болыўын есапқа алып, каналдыӊ батыл (кѳмилип) болып қалған жерлеринен 2,3 км аралығы арнаўлы техника жәрдеминде қазып тазаланды.

Ҳәзирги күнде келип турған суў муғдарыныӊ аз болыўына байланыслы   2 дана суў насос агрегатына суў жеткерип бериў мүмкиншилиги болмағанлықтан   1 дана суў насос агрегаты қостырылып каналға жақын аймақларға суў жеткерип берилмекте. Себеби, «Мақсым жап» каналы, «Кѳк ѳзек» каналы сағасынан 23,2 км узақлықта болыўына байланыслы аз муғдардағы суўды жеткерип бериўде қыйыншылық туўдырмақта.

График тийкарында арқа районларға 9-20-июль күнлери суў муғдары кѳбейтилиўи кѳрсетилген. Суў кѳбейген күннен баслап, «Кѳк ѳзек» каналы сағасындағы 2 дана суўнасос агрегаты қостырылып, канал ақырынан суўғарыў жумыслары алып барылады. Сол дәўирде «Мақсым жап» каналын толық суў менен тәмийнлеп, канал бойындағы аўыл-хожалық егинлерине ҳәм тамарқа қыйтақ жерлерине суў жеткерип бериўдиң барлық илажлары  кѳрилиўин мәлим етемиз.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

07.07.2021 13:20:26 381