Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өз әҳмийетин жоғалтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў дизимин жолға қойыў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў ис-илажлар туўрысында»ғы 2020-жыл 27-сентябрь күнги ПФ-6075-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 5,25-статьясына тийкар
Ш Е Ш И М Е Т Е М Е Н:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл
27-сентябрдеги ПФ-6075-санлы Пәрманында 2021-жыл 1-июнға шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкар етиў илажларын көриў белгиленгенлиги инабатқа алынсын. - Кегейли районы ҳәкими тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив түстеги шешимлер қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
- Мәлимлеме хызмети (Т.Мухиятдинова) усы шешим рәсмий түрде жәрияланыўы ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырылыўы тәмийинленсин.
- Усы шешим рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў ҳәкимниң биринши орынбасары Н. Ещановқа жүклетилсин.
Кегейли районы ҳәкими: Д. Утемуратов
Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл «27»май күнги
294-05 санлы шешимине
қосымша
Кегейли районы ҳәкиминиң өз күшин жоғалтқан деп белгиленген айырым шешимлериниң
ДИЗИМИ
- Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳақкында»ғы 248/12-санлы қарары ҳүаққында»гы 21.01.2011-жылоғы 7-01-санлы қарары.
- «2019-жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа жайластырыў, жәмийетлик жумысларға қамтыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳақкында»ғы 08.05.2019-жылғы 2356-05-санлы қарары.
- «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығына қараслы тоғайзарларда өрттиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўди күшейттириў илажлары ҳақкында»ғы 09.0.2019-жылғы 1315-04-санлы қарары.
- Район аймағындағы тракторлар, трактор тиркемелери, мелиорация ҳәм жол қурылыс техникалары, өзи жүрер машиналар, сондай-ақ, аўыл хожалық техникаларын жыллық көриктен өткизиў ҳаққында»ғы 07.02.2019-жылғы 243-02-санлы қарары.
- «2017-жылда халықты жумысқа жайластырыў, жәмийетлик жумысларға қамтыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында»ғы 05.2.2016-жылғы 430-12-санлы қарары.
- «Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеу ҳаққында»ғы 03.02.2015-жыл 54-02-санлы қарары.
- «Кегейли районында күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм белгиленген орынларға шығарып таслаў ушын тариф муғдарын белгилеў ҳақкында»ғы 08.07.2014-жылғы 373-07-санлы қарары.
- «Кегейли районыаймағында социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналатуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларын бәнт етип қойыў ҳаққында»ғы 28.12.2012-жылғы 609-12-санлы қарары.