Исти кѳриў нәтийжеси менен айрықша уйғарыў шығарылды

29.06.2021 14:07:40 994 Баспаға шығарыў

Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, “Ozbekiston sanoat Qurilish banki” акционерлик коммерциялық банк (кейинги орынларда – даўагер жүритиледи) пенен “N” мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси кейинги орынларда – жуўапкер деп жүритиледи) орталарында 2018-жыл 28-июль күни 1697-санлы кредит шәртнамасы дүзилип, оған тийкар банк тәрепинен жуўапкерге 1.590.000.000 сўм, 15 жыл мүддетке, жыллық 1 пайыз ставкада кредит ажыратылған.
Ажыратылған кредиттиң мақсети мәмлекетлик шерикшилик тийкарында мәмлекетлик емес 50 орынлыққа ийе мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имәратын қурыў болып белгиленген.
Кредит тәмийнаты сыпатында, кредит шәртнамасының 4.2.2-бәнтине муўапық, “Q.T” шаңарақлық кәрханасының кепиллиги ҳәмде қурылыс ислери питкеннен соң 30 күн мүддет ишинде усы жаңадан қурылатуғын мәмлекетлик емес мектепке шекем билимлендириў мәкемеси имәратын гиреўге усыныў миннетлемеси жуўапкерге жүклетилген.
Лекин, жуўапкер шәртнама шәртин орынламастан имәратты гиреўге қоймастан, үшинши шахс “Q.Q.G” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен Өзбекстан Республикасы “Xalq bank” акционерлик коммерциялық банк орталарында дүзилген кредит шәртнамасы бойынша ажыратылған кредит тәмийнаты сыпатында 2019-жыл 22-август күни “Q.Q.G” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен Өзбекстан Республикасы “Xalq bank” акционерлик коммерциялық банк орталарында ипотека шәртнамасы дүзилип, оған кѳре кредит есабынан қурылған мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имәраты гиреўге қойылған.
Ѳзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 126-статьясына муўапық, егер шахстың питим дүзиў ўәкилликлери шәртнама менен яки юридикалық шахс ўәкилликлери оның шѳлкемлестириў ҳүжжетлери менен исеним хатта, нызамда белгилеп қойылғанына қарағанда ямаса питим дүзилип атырған жағдайдан анық кѳринип турған деп есапланыўы мүмкин болған ўәкилликлерине қарата шеклеп қойылған болса ҳәм питимди дүзиў ўақтында бундай шахс яки орган усы шеклеўлер шеңберинен шығып кеткен болса, питимдеги екинши тәреп усы шеклеўлерди билген яки алдыннан билиўи лазым болғанлығы дәлийлленген ҳалларда питим шеклеў белгилениўинен мәпдар болған шахстың даўасы бойынша суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.
Ал, кредит шәртнамасының 4.2.10-бәнтинде болса, шәртнама күшинде болған дәўирде, егер олар кредитленип атырған жойбарға ҳәм/яки қарыздардың усы шәртнама бойынша миннетлемелерин орынлаў имкәниятына кери тәсир кѳрсететуғын болса, банктиң алдыннан разылығын алмастан, қарыздар мүлктиң ҳәммесин яки бир бѳлегин сатыў яки басқа жоллар менен бийганаластырыў, басқа шахсларға бериў, ижараға бериў, гиреўге қойыў, услап қалыў ҳуқықы ҳәм үшинши шахслар пайдасына ѳз мүлкине қарата басқа жеңилликли ҳуқықларды жүзеге келтириў ҳәрекетлерин әмелге асырмаслығы лазымлығы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 200-статьясына муўапық, егер суд даўаны көриў ўақтында шахслардыӊ ҳәрекетинде жынаят белгилери анықланса, ол жынаят исин қозғатыў ҳаққында мәселени шешиў ушын бул ҳаққында тийисли материалларды қосымша қылған ҳалда бул ҳаққында прокурорға хабар қылыўы белгиленген.
Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық судлаў коллегиясының 2021-жыл 24-июнь күнги уйғарыўы менен “N” мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси басшысы тәрепинен кредит есабынан салынған бақша имәратын шәртнама талабына тийкар гиреўге усынбастан ѳзине тийисли болған “Q.Q.G” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Өзбекстан Республикасы “Xalq bank” акционерлик коммерциялық банктен алған кредитиниң тәмийнаты сыпатында гиреўге қойыў ҳǝрекетлеринде жынаят белгилери бар жоқлығы мǝселесин үйрениў ушын айрықша уйғарыў шығарылды ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына жиберилди.

Спартак Ниязов
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

29.06.2021 14:07:40 995