Бүгин район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшыларының районлық 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде жаслар машқалары бойынша ғалаба хабар қураллары хәм жаслар менен ашық сәубети болып өтти. Ушырасыӯда район жасларының машқалалары тыңланып, усы орынның өзинде олардың дерлик көпшилиги өзиниң унамлы шешимин тапты. Ушырасыў барысында журналистлер тәрепинен сектор баслықларына өз аймақларында бар болған жаслар машқалалары бойынша бир қанша сорўалар берилди. Айрым машқалар жүзесинен ғалаба хабар қуралларына рәсмий мағлыумат бериу айтып өтилген болса айрым мәселелер усы орында додаланды.Район турғынларының, әсиресе, жаслардың машқалалары ҳәмийше сектор басшыларының дыққат орайында екенлиги бүгинги ушрасыӯда және бир мәрте өз тастыйығын тапты.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети