Бүгинги күнде пуқаралар тәрепинен бюджет қаржыларының қәлиплестирилиў процессинен баслап олардың сарыпланыўына шекемги болған дәўирди тек ғана гузетип барыў емес, бәлким сол процессте қатнасыў имканияты жаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельде “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072 қарары қабыл етилди.
Қарар Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң раўажланыў дәстүри (БМШРД), Россия Финанс министрлиги жанындағы Илимий изертлеў финанс институты (НИФИ) ҳәм басқа шөлкемлердиң экспертлери жәрдеминде ислеп шығылды.
Тастыйықланған ҳүжжетке тийкар, пуқараларды бюджет процесслерине жәнеде қамтыў мақсетинде, усы жылдан баслап ҳәр бир аймақта бир районда ямаса қалада (Қарақалпақстан Республикасында Кегейли районында) тийисли район (кала)лар бюджетлери тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң 5 пайызын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплескен илажларды қаржыландырыўға жөнелтириў бойынша жаңа тəртип енгизилмекте. 2022-жылдан баслап усы тәртип барлық район ҳәм қалаларда енгизилиўи режелестирилген.
Усы мақсетлерде усы жылда эксперимент тәризде район (кала)лар бюджетлерине республика бюджетинен қосымша рәўиште 92,7 миллиард сўм каржы (Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бюджетине 3,4 млрд.сўм,) ажыратылыўы белгиланген болса, келеси жылдан баслап усы қаржылар тийисли район (қала)лар бюджети параметрлеринде көзде тутылыўы белгиленбекте.
Соны да айтып өтиў керек, қарарға муўапық 2021-жыл 1-июльдан баслап жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға жөнелтирилетуғын район (қала)лар бюджетлери қосымша дереклери муғдарын 10 пайыздан 30 пайызға асырыў нәзерде тутылған.
Жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды таңлап алыў ҳәм район (қала) бюджети қаржыларын усы илажларға жөнелтириў төмендеги басқышларда әмелге асырылады.
1-басқыш.
1.Район (кала) ҳәкимликлери;
-“Пуқаралар басламасы жамғармасы” (кейинги орынларда-жамғарма) арнаўлы ғазна есап бетине жөнелтирилетуғын қаржылар муғдарын белгилеў бойынша усынысты тастыйықлаў ушын тийисли Халық депутатлары район (қала)лар Кеңесине киритеди (Ҳәр шерек жуўмақлары бойынша кейиги шерек екинши айының 1-күнине шекем).
- Халық депутатлары район (қала) Кеңеси;
-Жамғармаға жөнелтирилетуғын қаржылар муғдарын көрип шығады ҳәмде тастыйықлаў бойынша қарар кабыл қылады. (Усыныслар алынган сәнеден баслап үш жумыс күни ишинде)
2-баскыш.
Исши комиссия;
-Жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплескен илажлар ушын нәзерде тутылған қаржылар муғдары “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы жәмийетшиликке жеткериледи. (Финанс жылының 1-февраль ҳәм 15-июль күнине шекем)
3-баскыш.
Усыныс бериўди кәлеўши пуқаралар;
-Мәҳалле ямаса район (кала)дағы бар машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларды “Ашық бюджет” мәлимлеме порталына жайластырады. (Финанс жылының 20-февраль ҳәм 5-августына шекем)
4-басқыш.
Исши комиссия;
-Критерияларға муўапықлығы ҳамде илажлардың әмелге асырылыў имканиятларын үйренген ҳалда усынысларды таңлап алады. (Усыныс бериў илажлары жуўмақланған сәнеден бслап он бес жумыс күни ишинде яғный 5-августтан баслап)
5-басқыш.
Исши комиссия;
1.Таңлап алынған усыныслар даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын “Ашық бюджет” мәлимлеме порталына жайластырады. (Усыныслар таңлап алынған сәнеден баслап үш жумыс күни ишинде)
- Жәмийетшилик тәрепинен даўыс бериў процесси өткериледи. (Усыныслар жайластырылған сәнеден баслап он жумыс күни ишинде)
6-басқыш.
Исши комиссия;
1.Даўыс бериў процесси жуўмағына көре, ҳәр бир аймақта ең көп даўыс топлаған усыныслар жеңимпаз деп табылады ҳәм усынысларға берилген даўыслар санынан келип шығып жоқарыдан төменге қарап сайлап алынады.
2.Даўыс бериў процесси жуўмақларына көре, Жамғарма қаржыларынан қаржыландырылатуғын илажлар бойынша усынысларды тийисли Халық депутатлары район (қала) Кеңесине көрип шығыў ушын киритеди. (Дауыс бериў процесси жуўмақланған сәнеден баслап бир ҳәпте мүддетте)
7-басқыш.
Исши комиссия;
-Халық депутатлары район (қала) Кеңеси тәрепинен мақулланған усынысларды “Ашық бюджет” мәлимлеме порталында ҳәм басқа ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялап барады. (Ҳәр айдың жуўмақлары бойынша кейинги айдың 10-күнине шекем)
8-басқыш.
Исши комиссия;
-Өткен жылда жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға жөнелтирилген каржылар бойынша Халық депутатлары район (қала) Кеңеслерине есабат киритеди. (Ҳәр жылы 25-январьга шекем)
9-басқыш.
Халық депутатлары район (қала) Кеңеси;
-Өткен жылда жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ушын ажыратылған қаржылардың сарыпланыўы туўрысындағы есабатты тастыйықлайды. (Ҳәр жылы 1-февральга шекем)
10-басқыш.
Исши комиссия;
-Өткен жылда жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ушын ажыратылған каржылардың сарыпланыўы бойынша тастыйыкланған есабатты “Ашық бюджет” мәлимлеме порталына жайластырады. (Ҳәр жылы 10-февральга шекем)
Жоқарадығыларды нәзерде тутқан ҳалда бюджет қаржылары жәмийетшилик пикири тийкарында халық ийгилиги ушын хызмет етеди.
К.Жиенбаев
Кегейли районы Финанс
бөлими баслығы