Кегейли районы ҳәкиминиң ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив түстеги қарарларын бийкар етиў ҳаққында

28.05.2021 10:05:31 178 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Өз әҳмийетин жоғалтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў дизимин жолға қойыў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў ис-илажлар туўрысында»ғы 2020-жыл 27-сентябрь күнги ПФ-6075-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 5,25-статьясына тийкар

 

Ш Е Ш И М    Е Т Е М Е Н:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-сентябрдеги ПФ-6075-санлы Пәрманында 2021-жыл 1-июнға шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкар етиў илажларын көриў белгиленгенлиги инабатқа алынсын.
  2. Кегейли районы ҳәкими тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив түстеги шешимлер қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  3. Мәлимлеме хызмети (Т.Мухиятдинова) усы шешим рәсмий түрде жәрияланыўы ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырылыўы тәмийинленсин.
  4. Усы шешим рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.
  5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў ҳәкимниң биринши орынбасары Н. Ещановқа жүклетилсин.

 

Кегейли районы ҳәкими:                                            Д.Утемуратов

 

 

 

Кегейли районы ҳәкиминиң
2021-жыл «27»май күнги
294-05 санлы шешимине
қосымша

 

Кегейли районы ҳәкиминиң өз күшин жоғалтқан деп белгиленген айырым шешимлериниң
ДИЗИМИ

  1. Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳақкында»ғы 248/12-санлы қарары ҳүаққында»гы  21.01.2011-жылоғы 7-01-санлы қарары.
  2. «2019-жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа жайластырыў, жәмийетлик жумысларға қамтыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳақкында»ғы 08.05.2019-жылғы 2356-05-санлы қарары.
  3. «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығына қараслы тоғайзарларда өрттиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўди күшейттириў илажлары ҳақкында»ғы 09.0.2019-жылғы 1315-04-санлы қарары.
  4. Район аймағындағы тракторлар, трактор тиркемелери, мелиорация ҳәм жол қурылыс техникалары, өзи жүрер машиналар, сондай-ақ, аўыл хожалық техникаларын жыллық көриктен өткизиў ҳаққында»ғы 07.02.2019-жылғы 243-02-санлы қарары.
  5. «2017-жылда халықты жумысқа жайластырыў, жәмийетлик жумысларға қамтыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында»ғы 05.2.2016-жылғы 430-12-санлы қарары.
  6. «Район аймағында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеу ҳаққында»ғы 03.02.2015-жыл 54-02-санлы қарары.
  7. «Кегейли районында күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм белгиленген орынларға шығарып таслаў ушын тариф муғдарын белгилеў ҳақкында»ғы 08.07.2014-жылғы 373-07-санлы қарары.
  8. «Кегейли районыаймағында социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналатуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларын бәнт етип қойыў ҳаққында»ғы 28.12.2012-жылғы 609-12-санлы қарары.
28.05.2021 10:05:31 179