«Қыңыр истиң қыйығы…»

27.05.2021 15:24:41 254 Баспаға шығарыў

Жынаят ислери бойынша Елликқала район судында 2021-жыл 21-май күни ашық суд мәжилиси болып ѳтти. Бул суд мәжилисинде «Жынаят Кодекси»ниң 169-статьясы, 3-бѳлими менен айыпланған Хорезм ўәлаяты, Хонқа районы турғыны, ҳәзирги ўақытта Елликқала районында жасаўшы пуқара О.О. ның жынаят иси кѳрип шығылды. Пуқара О.О. буннан алдын усы статья менен еки мәрте, сондай-ақ, «Жынаят Кодекси»ниң 273-статьясы ҳәм басқа да статьялары менен де бир нешше мәрте судланған болса да ѳзине тийисли жуўмақ шығармастан қыңғыр жол менен пул таўып күн кешириўди ѳзине әдет қылған.

Ўақыя бойынша айтатуғын болсақ 2021-жыл 30-март күни түнги ўақытта О.О. Елликқала районы яғный ѳзи жасайтуғын аймақта гезектеги қылмысын ислеў ҳәрекетине түседи ҳәм ол ѳзи менен қоңсылас жасаўшы пуқара М.М. ның үй әтирапына келип олардың түн ярымында уйқыда жатырғанынан пайдаланып М.М.нын мүлклери сақланатуғын қоймаханасы есигин бузып, ишине кирип бир дана суў насосы, бир дана хожалық қазаны, бир дана сумка, бир дана ағаш кесиўши үскенесин урлық жолы менен алып шығып, оның менен канаатланбастан таўық кетегиниң есигин бузып ашып, ишинен бир дана қоразын алып, ўакыя орнынан жасырынады. О.О. усы күни «аўы» барарынан келгенин сезип, алған затларынан кеўли толмастан және кѳшеге шығып, усы аймақта жасаўшы А.С.ның үйи әтирапын кѳзден кеширип, А.С.ның шанарақ ағзалары менен уйқыда жатқанынан пайдаланып, оның үйи әтирапына қойган бир дана велосипетин алып ўақыя жайынан жасырынады. О.О. усы урланған затларын ѳзи жасайтуғын үйи әтирапына алып барып жасырып қояды ҳәм ертеси күни әсте ақырынлық пенен пуллаў жолына ѳтип урланған бир дана қоразды қоңсы Беруний районы базарына алып барып 35.000 сўмға сатып жибереди.

Ертеси күни қоңсылар М.М. ҳәм А.С. мүлклери урланғанлығын сезип қалып, излеўге түседи ҳәм дереги шықпағаннан кейин аймақлық профилактика хызметкерине мүрәжат қылады. Профилактика хызметкери ѳз сорастырыў ислерин әмелге асырып тез арада урлық изин табады ҳәм О.О.ның жасаў үйи әтирапынан жасырып қойылған айғақлы затлар тийисли тәртипте алынып ѳз ийелерине қайтарылады.

Бирақ бир дана қораз ҳам бир дана ағаш кесиўши үскене сатылып кеткенлиги себепли оны қайтарыўдың илажи болмайды.

«Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан кейин де ашылады» дегениндей бул истиң қыйығының ашылыўы кѳпке созылмады. Тийисли уйымлардың оператив ислеўиниң ақыбетинде жынаят иси тез ашылып, суд мәжилисинде пуқара О.О. ѳзине жәрияланған айыпқа ықрарлық билдирди. Суд тәрепинен оның айыбын жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайлары үйренип шығылып оған нызамда белгиленген тийисли жаза шарасы тайынланды.

Қылмыс жазасыз қалмайды бирақ деген менен, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып атырған үлкен имканиятлардан пайдаланбастан, тийисли мәкемелер ҳәм ҳуқыққорғаў уйымлары тәрепинен алып барылып атырған үгит-нәсият жумысларына қарамастан, заманласларымыз арасында бундай қылмысларға қол урыўшылардың ушырасып атырғанлығы ашынарлы жағдай, әлбетте.

 

О.Ж.Мауленов, Жынаят ислери бойынша Елликқала район судының баслығы.

 

27.05.2021 15:24:41 255