2021-жыл 1-июннан баслап 17 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи

18.05.2021 09:22:13 811 Баспаға шығарыў

Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў системасын жәнеде реформалаў, артықша қағазбазлық көлемин жоқ етиў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери искерлиги нәтийжелигин арттырыў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлик орталыгын түптен жақсылаў, бойынша избе-из иләжлар әмелге асырыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әўерегершиликлериниң алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-марттағы “Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыўда және де қолай шәраятлар жаратыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПП–6191-санлы Пәрманы тастыйықланды.

Пәрманға муўапық, 2021-жыл мәмлекетлик органлары, хожалық бирлеспелери, атқарыўшы ҳәкимят органлари, мәмлекетлик шөлкемлери ҳәм бөлимлери тәрепинен халықтан, сондай-ақ исбилерменлик субъектлеринен төмендеги тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи;

  1. Руўхый кеселликлер бойынша диспансер дизиминде турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама;
  2. Наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнама;
  3. Судланбағанлық (яки судланғанлық) ҳаққында мағлыўмат алыў;
  4. Манзил-мағлыўмат ахборотын алыў;
  5. Пуқараның атында шахсый үй-жай бар яки жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама;
  6. Турақ жайдың майданы ҳаққында мағлыўматнама;
  7. Салық қарызы бар яки жоқлыгы ҳаққында мағлыўмат;
  8. Салық төлеўши физикалық шахслардың салық хызмети органларында есапқа қойылғанлығы;
  9. Пенсия ҳәм напақа муғдары ҳаққында мағлыўматнама;
  10. Пуқаралардың пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама;
  11. Некеде дизимге алынғанлығы, некеде турмаслығы яки некеден ажырасқанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
  12. Шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;
  13. Шахстың белгиленген шәкилдеги фотосүўрети;
  14. Медециналық-социал эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;
  15. Мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў ҳалатында бул ҳүжжетти «Бирден бир миллий мийнет системасы» мәкемелерара дастүрий-аппарат комплекси арқалы алыў имкәнияты бар болмаған ҳалатларда сораўдан тысқары);
  16. Ис ҳақы ҳәм ис стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў бөлимлеринде оқығанлықты тастыйықлаўшы архиб мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў ҳалатында бул ҳүжжетти «Бирден бир миллий мийнет системасы» мәкемелерара дастүрий-аппарат комплекси арқалы алыў имкәнияты бар болмаған ҳалатларда сораўдан тысқары);
  17. Кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етиледи.

Бунда, мәмлекетлик органлари ҳәм шөлкемлери жоқарыда нәзерде тутылған ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды тийисли мәмлекетлик органлари ҳәм шөлкемлеринен мустақыл тәризде, сондай-ақ «Электрон ҳүкимет» системасы мәкемелерара интеграцияласыў платформасы арқалы сорап алады.

Жоқарыда көрсетилген ҳүжжет ҳәм мағлыўматлардың мәмлекетлик органлари ҳәм шөлкемлери тәрепинен халықтан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўындағы нызам  ҳүжжетлериниң талапларын бузыў деп есапланады.

 

С.Отегенов
Кегейли районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы бөлим баслығы

18.05.2021 09:22:13 812