Илаж даўамында

04.05.2021 14:14:22 443 Баспаға шығарыў

Район көлеминде Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери арасында өткерилип атырған ашық шынығыўлар 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де болып өтти. Апрель айының 3-ҳәптеси«Жер планетасы улыўмалық үйимиз» темасы тийкарында, «Жер планетасы күни» ҳәптелик темасында шөлкемниң жас педагог кадрлары өзлериниң шеберлиги тийкарында сабақ шынығыўларын жоқары дәрежеде өтти. Болып өткен ашық шынығыўға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министр орынбасарыБайжанов Тиркешбай Жумадурдыевич қатнасып министрликтиң ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлап ашық шынығыў өткен педагог кадрларға күш жигер тилеп жас әўлядты тәрбиялаўда хармай талмай жумыс ислеўин тиледи.

Ашық шынығыў  4-топарда болып өтти.

1.Мектепке таярлаў  топары тарбияшы  Қалдыбаева Жадыра  “Жер планетасы” куни темасында

2.Улкен топар тарбияшысы  Жумамуратова Айнура инглис тилинен “We Save our toys” (ойыншықларды асырап абайлаймыз)  темасында

3.Орта топар тарбияшысы Қайпанова Гульмира “Жер планетасы” куни темасында

4.Киши топар жардемши тарбияшысы Аймуратова Лола  “Жер планетасын асыраў” темасында шынығыў өтти.

Ашық шынығыў орайларда хәм  жаңа пед техналогиялардан пайдаланған халда өтилди.

 

 

 

 

04.05.2021 14:14:22 444