Автомобильге бензин қуйыў, газ толтырыў ҳәм газ қуйыў станцияларын қурыў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи

26.04.2021 18:21:19 631 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Автомобиль жолларын, жол сооружениелери, темир жол кесилиспелерин, автомобиль жоллары ҳәм көшелер бойында жайласқан АЖҚС, АГТКС ҳәм АГҚС (автомобилге бензин қуйыў, газ толтырыў ҳәм газ қуйыў) станцияларын қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў жойбарларын келисиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 111-санлы қарары тастыйықланды.

Қарар менен автомобиль жолларын, жол сооружениелери, темир жол кесилиспелерин, автомобиль жоллары ҳәм көшелер бойында жайласқан АЖҚС, АГТКС ҳәм АГҚС (автомобилге бензин қуйыў, газ толтырыў ҳәм газ қуйыў) станцияларын қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў жойбарларын келисиў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланып, регламентке көре, исбилерменлик субъектлерине усы хызметлер Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы ямаса оның аймақлық басқармалары (ўәкилликли уйым) тәрепинен көрсетиледи.

Буның ушын сораўнама толтырылады.

Сораўнамаға жойбар ҳәм оған байланыслы бәрше ҳүжжетлердиң электрон нусқасы қосымша қылынады. Сораўнама менен тек ғана бир жойбар көрип шығылады.

Сол тийкарда ўәкилликли уйым 5 жумыс күнинде жойбарлардың тийисли талапларға сәйкес екенлигин үйренип шығады.

Жойбарларды келисиў ўәкилликли уйымның электрон санлы имзасы менен тастыйықланады.

Келисилген жойбарлар 1 күн мүддетте арза бериўшилерге электрон формада жибериледи.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи ушын БЕМның 30 пайызы (73 500 сум) муғдарында, Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП)арқалы мүрәжат етилгенде болса усы сумманың 90 пайызы муғдарында жыйым өндириледи.

Ўәкилликли уйым белгиленген мүддетлерде жойбарларды келисиў бойынша жуўмақ усынбаған жағдайда, жойбар Мәмлекетлик хызметлер орайлары (БИМХП) тәрепинен автоматик түрде келисилген деп есапланады.

 

Кегейли районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы бас қәнигеси
Р.Нуруллаева

26.04.2021 18:21:19 632