“Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талаплары тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша жуўапкершилигин ҳәмде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген депутатлық сораўларының нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында

30.03.2021 20:41:23 334 Баспаға шығарыў

“Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талаплары тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша жуўапкершилигин ҳәмде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген депутатлық сораўларының нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң секретариат баслығы У.Утегеновтың “Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талаплары тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша жуўапкершилигин ҳәмде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилген депутатлық сораўларының нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары тәрепинен “Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талаплары тийкарында өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша алып барып атырған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
  3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатларына:

– өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша жумысларын нызам талаплары тийкарында алып барыў;

– орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын ис-иләжлар ислеп шығыў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў органларына жиберилип атырған депутат сораўларының нәтийжелилигине ерисиў;

  • орынларда “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” тийкарында исленип атырған жумыслардың ҳәмде мәнзилли бағдарламалардың орынланыў барысын турақлы түрде қадағалап барыў;
  • өз депутатлық ўәкилликлерин атқарыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытып барыўға миннетленсин.
  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Регламент ҳәм депутатлык әдеби мәелелелери турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы:                              Д.Утемуратов

30.03.2021 20:41:23 335