Кегейли районлық мәденият бөлими баслығының тараўға тийисли ҳүкимет қарарларының ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында”ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

29.03.2021 20:35:41 294 Баспаға шығарыў

«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 24-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М     Е Т Е Д И:

  1. Кегейли районлық мәденият бөлими баслығы С.Хожановтың тараўға тийисли ҳүкимет қарарларының ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында”ғы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районлық мәденият бөлими (С.Хожанов) тәрепинен район аймағындағы мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм абайлап асыраў ҳәмде олардан пайдаланыў бойынша алып барып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин;
  3. Кегейли районлық мәденият бөлимине (С.Хожанов), Кегейли районлық дене тарбия ҳәм спорт бөлими (Б.Даулетов), Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими (А.Төремуратов) тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте:

– жаслар арасынан талантлыларды излеп табыў ҳәм олардың талантын жүзеге шығарыў мақсетинде карантин талапларына әмел қылған ҳалда районымыз аймағында жасап өткен уллы тулғалар «Есжан бақсы»,  «Сапалақ палўан» ҳәм «Жақабай палўан»лардың естелигине бағышлап таңлаўлар ҳәм турнирлер өткерип барыўды дәстүрге айландырыў;

–  тийисли жәмийетлик бирлеспелер менен биргеликте район аймағындағы мадений мийрас объектлериниң  тарийхы ҳәм әҳмийети, сондай-ақ монументаллық ҳәйкеллер ҳәмде бюстлери орнатылған уллы тулғалар ҳаққында кең жәмийетшилик, әсиресе жаслар арасында угит-насиятлаў жумысларын буннан былайда күшейттириў бойынша айқын иләжлар белгилесин.

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына пуқаралар жыйыны аймағындағы мәдений мийрас объектлер, монументаллық ҳәйкеллер ҳәм бюстлерди абайлап асыраў, олардан мақсетке уғрас пайдаланыў ҳәмде әхмийети ҳаққында халық арасында кеңнен угит-нәсиятлаў жумысларын турақлы турде алып барыўға миннетленсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигине:

–  «Ийшан қала», «Шиблий ата», архитектуралық комплекслерине алып баратуғын жол бойында ҳәмде объект жанында атамасы жазылған белгилерди белгиленген тәртипте қайта жазыўды шөлкемлестириў, тәртипке келтириў ҳәм орнатыў жумысларына байланыслы болған қаржы дереклерин излеп табыў;

– районымыздың тарийхын, мәдениятын ҳәм көркем-өнерин, өнерментшилигин сәўлелендириў мақсетинде республика тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң районлық филиалын шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыў усыныс етилсин.

  1. «Кегейли турмысы» газетасы редакциясы (Е.Мухамбетов), район ҳәкимлиги баспа сөз хызмети (Т.Мухиятдинова) район аймағындағы мәдений мийрас объектлер, монументаллық ҳәйкеллер ҳәм бюстлер, жасап өткен уллы тулғалар, сондай-ақ дыққатқа ылайық орынлар ҳаққында материалларды турақлы турде сәўлелендирип барсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Социаллық-раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мәселелери» бойынша турақлы комиссиясына (Б.Искендеров) ҳәмде Өзбекстан «Миллий тикланиш» партиясының халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги депутатлық партия топарына жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеңесиниң баслығы:                              Д.Утемуратов

29.03.2021 20:35:41 295