2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққында

30.03.2021 20:19:58 478 Баспаға шығарыў

2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелислери бойынша  Ҳәрекетлер стратегиясының “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққындағы мәселе мәселе бойынша Кегейли районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Қайпов Генжебай Жолдасбаевичтиң баянаты  мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги, тийисли тараў басшылары жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың избе-из сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
  3. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (Г.Қайпов), Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Кегейли бөлими (А.Төремуратов) тийисли шөлкемлер менен биргеликте:

– “Жаслар дәптери”не киргизилген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде дийханшылық пенен шуғылланыўды қәлеўши жасларға орынларда егислик жерлерден 1 гектарға шекем жер ажыратыў мәселесин жеделлестириў, бунда ажыратылып атырған жер майданларының ҳақыйқатлығын анықлаў ҳәм орын алып атырған машқалаларды ҳал етиў бойынша район ҳәкимлигине усыныс киритип барыў;

– “Бир миллион дәстүрши” жойбары шеңберинде жасларды дәстүрлеў тиллерин өзлестириўге қызықтырыў арқалы бул бағдарда олар ишинен қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм олардың жумыс пенен тәмийинлениўине көмеклесиў;

– Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар”   шөлкеми районлық оқыў-спорт техника клубы базасында жасларды мийнет базарында зәрүрлик жоқары болған кәсиплерге оқытыўды шөлкемлестириў иләжларын көриў ўазыйпалары жүклетилсин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (Г.Қайпов), Кегейли районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов) тийисли шөлкемлер менен биргеликте:
  • Районда 5 жасқа шекемги балалар, туўыў жасындағы ҳәм ҳәмледар ҳаяллар, майыплығы болғанлар, қан-тамыр, онкологиялық, эндокринологиялық киби кеселликлерге бейимлиги болған пуқаралардың дизимин қәлиплестириў ҳәм оларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша айрықша итибар қаратыў;
  • 6-23 айлық балалар ушын үй шараятында таярланған аўқатларды байытыў мақсетинде микронутриент порошогы менен, 6 айлықтан 5 жасқа шекемги болған балаларды “А” витамини менен ҳәм 2-10 жасқа шекемги балаларды гелминтоз профилактикасы бойынша арнаўлы препаратлар менен бийпул тәмийинлеўди жолға қойыў;
  • халыққа мәмлекет тәрепинен бийпул медициналық хызметлер көрсетиў ҳәм дәри-дармақлар менен тәмийинлеў бойынша кепилленген пакет шеңберинде медициналық хызмет көрсетиў системасын басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў иләжларын көриў;
  • ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәмде аўыр турмыслық шараятта жасап атырған, майыплығы болған ҳаялларға айрықша итибар қаратып, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў тапсырылсын.
  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары (Г.Қайпов), Кегейли районлық дене тәрбия ҳәм спорт бөлими (Б.Даулетов), Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Кегейли бөлими (А.Төремуратов), мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары:
  • Бес әҳмийетли басламаны әмелиятқа толық енгизиўге қаратылған “Спортты сүй”, “Биз – Жаңа Өзбекстан жасларымыз”, “Биз бир жәмәәтбиз” сүрени астында ғалабалық спорт иләжларын ҳәм жарысларын системалы түрде өткерип барыў;
  • Халықты ғалабалық спорт түрлерине кеңнен тартыў арқалы 2021 жыл даўамында дене тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўшылардың қамтылыўын 25 пайызға жеткериў бойынша барлық иләжарын көриў;
  • Спорттың жүриў, жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол түрлерин ғалабаластырыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде орынларда ҳәр бир мәҳалледе, елатлы пунктлерде дене тәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен шуғылланыўы ушын шарт-шараятлар жаратыў.

6. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.

7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Социаллық-мәдений тарўды раўажландырыў, шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеңесиниң баслығы:                              Д.Утемуратов

30.03.2021 20:19:58 479