Кегейли районын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың 2021-жыл биринши ярым жыллығына мөлшерленген “Жол карта”ларын тастыйықлаў ҳаққында

26.02.2021 18:40:40 996 Баспаға шығарыў

Кегейли районын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының  2021-жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген “Жол карта”ларын тастыйықлаў бойынша усынысларын қарап шығып ҳәмде  “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы ңызамының 24-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

ҚАРАР  ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың 2021-жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген “Жол карта”лары 1, 2, 3, 4 қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Сектор басшыларына Кегейли районын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2021 жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген “Жол карта”ларда белгиленген ўазыйпалардың белгиленген мүддетлеринде толық орынланыўы тәмийинленсин.
  3. Аймақларды комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың 2021-жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген “Жол карта”лардағы ис-иләжлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессиясында сектор басшылырының есабат берип барыўы белгиленсин.
  4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына “Жол картасы”ндағы белгиленген ўазыйпалардың избе-из ҳәм өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
  5. “Жол картасы” бойынша алып барылып атырған жумыслар ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барылсын.
  6. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына ҳәм Кегейли районы сектор басшылары жуўапкершилигине жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы                          Д.Утемуратов

26.02.2021 18:40:40 997