2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў-ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында

23.02.2021 18:09:17 676 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 3 февральдағы 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққындағы ПФ-6155-санлы Пәрманына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 3 февральдағы 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тиийисли Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққындағы ПФ-6155-санлы Пәрманы ҳәмде усы пәрман тийкарында қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021 жыл 5 февральдағы 26-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районы ҳәкимниң 2021 жыл 12 февральдағы 37-02-санлы шешими менен 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў-ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли Кегейли районы аймақлық бағдарламасының тастыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановтың 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын  раўажландырыўдың бес баслы жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  4. Кегейли районы ҳәкимлигиниң 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин жөнелислери бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли Кегейли районы аймақлық бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Кегейли районы ҳәкимлигиниң Ис-илажлар режеси 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  5. Кегейли районы ҳәкимлигине (Н.Ещанов, А.Отемуратов, Қ.Есенбеков, А.Сейтимбетов, И.Абылбаев, А.Аманбаев):
  •  Бағдарламада белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
  • Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени район ҳәкимлигинде жуўапкер лаўазымлы шахслардың қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барсын ҳәмде өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы тәмийинленбей атырған илажлар бойынша жуўапкер мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына тийисли интизамий жаза қолланыў шараларын көриў тапсырылсын.
  1. Мәмлекетлик бағдарламаның район аймағында орынланыў барысы ҳаққындағы мәселе ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында ҳәм турақлы комиссиялар мәжилислеринде тийкарланған анализлерге муўапық сын-көз қараста талқыланып барылсын.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына Мәмлекетлик бағдарламаның избе-из ҳәм өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
  3. Мәмлекетлик бағдарламаның район аймағында әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы анық ҳәм толық мағлыўматлар ғалаба хабар қуралларында, рәсмий веб-сайтларда кең жәмийетшиликке тезлик пенен жеткерилип барылыўы тәмийинленсин.
  4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына ҳәм Кегейли районы ҳакиминиң тараўлар бойынша орынбасарларының жуўапкершилигине жүкленсин.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң баслығы                             Д.Утемуратов

23.02.2021 18:09:17 677