ЖАСЛАРДЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ БАҒДАРЫНДА

16.03.2021 13:20:54 953 Баспаға шығарыў

 

Бүгин жасларға итибар қаратыў, олардың кәмил инсан болып жетилисиўи ушын барлық шәрт шәрараятларды жаратып бериў мәмлекетимиздеги басшылардың алдына қойылған баслы талапларынан бири десек орынлы. Солай екен , мине усы бағдарда бүгинги күнде Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен бир қанша итибарға аларлық жумыслар алып барылып атырғаны мақтаўға ылайық. Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың басламасы тийкарында райондағы әдебиятқа жаны қумар, дөретиўшиликке ықласы бәлент жасларымыздың бири Абдирахман Қойлыбаевтың “Мәнзилсиз хатлар” атамасындағы туңғыш китабы “Қарақалпақстан” баспасынан басылып шықты. Автордың туңғыш топламы болыўына қарамастан тийкарынан онда ўатансүйиўшилик туйғылары, ана тәбиятқа болған толғаныслы бақлаўлары, турмыслық тәшўишлерлери менен мухаббат тематикасы поэтикалық изленислердиң нәтийжесинде қағаз бетине түсирилгенин көремиз.

-Районымызда бул тақылеттеги жумыслар еледе даўам етеди. Талантлы жасларды излеп таўып,оларға өз келешеги ушын қамал тасын қалаўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бизиң баслы мақсетимиз болыўы керек. Сонда ғана, мәмлекетимиздиң ертеңги күни жарық, келешеги айдын, турмысы абадан болады,дейди район ҳәкими өз сөзинде.

#топламнан
Жоқ демең тарийхын Қарақалпақтың

Көлде қалып суўсырайды қайығым,
Умыт болмас Едил менен жайығым,
Әпсанағой тилде Мурат шайығым,
Жоқ демең тарийхын Қарақалпақтың!
Атымыз бар Бехустин жар тасында,
Бабам жәҳан гезген қалпақ басында,
Шөгирмем орыстың жылнамасында,
Жоқ демең тарийхын Қарақалпақтың!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

16.03.2021 13:20:54 954