8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен районымызда байрам илажлары өткерилмекте

05.03.2021 19:15:01 1938 Баспаға шығарыў

8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен районымызда байрам илажлары атап өтилмекте. Бүгин районымыз ҳәкими Д.Утемуратов “Темир дәптер”де дизимде турған ҳаял-қызларымызды қутлы байрам менен қутлықлаў, олардың кеўиллерин көтериў мақсетинде шаңарақларынан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырды.

-Ҳаял жәмийеттиң тиреги. Оны қәстерлей билиў, оған мехир танытыў, азаматларымыздың алдына қойылған баслы ўазыйпалардан бири. Солай екен, районымыздағы ҳәр бир жәрдемге мүтәж аналарымызды, апа-сиңлилеримизди итибарға алып, оларға байрам көтериңкилигин бағышлаўды орынлы деп билдик, -дейди район ҳәкими өз сөзинде.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

05.03.2021 19:15:01 1939