Ҳәзирги ўақытта Кегейли районлық комиссия тәрепинен елатлы пунктлер дизими ҳәм шегараларын анықластырыў, елатлы пунктлердеги көшелердиң атлары ҳәм үй-жай номерлери көрсетилген көрсеткишлердиң барлығы, қала ҳәм районлардың схематик картасы ҳәм елатлы пунктлердиң схематик режелерин таярлаў, елатлы пунктлерде жасаўшылар санын көрсеткен ҳалда шаңарақ ҳәм үйлер дизимин қәлиплестириў бойынша шөлкемлестирилген жумыслар алып барылмақта.
Бүгинги күнде Кегейли районының схематик картасы ҳәм елатлы пунктлердиң схематик режелери техник шәртлери тийкарында электрон түрде таярланды. Сондай-ақ, елатлы пунктлерде жасаўшылар санын көрсеткен ҳалда шаңарақ ҳәм үйлер дизими қәлиплестирилди.
Жоқарыдағылардан келип шығып, халықты дизимге алыўды өткериўге пухта таярлық көриў мәқсетинде ҳәмде халықты дизимге алыў илажлари кең қамтылған, үлкен мийнет талап етиўши ҳәм Халық-аралық шөлкемлер гүзетиўлериниң дыққат орайында болып турғанлығын есапқа алған ҳалда,
– елатлы пунктлердиң схематик режелерин техник шәртлерге толық уқсас түрде таярланыўын тәмийинлеў;
– аймақлық бирликлер дизими ҳәм шегараларын анықластырыў жумысларын жуўмағына жеткериў;
– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 26-август күнги №01-07/5-08/199 санлы тапсырмасын толық жуўмақлаў бойынша елатлы пунктлер ҳәм көшелерге атама белгилериниң орнатылыўын тәмийинлеў ҳәм ханадан, үй-жайлардың толық номерлери (табличка) орнатылыўын тәмийинлеў;
– елатлы пунктлерде жасаўшы халық саны бойынша мәҳәлле ҳәм статистика шөлкемлери мағлыўматлары ортасындағы айырмашылықларға анықлық киритиў ўазыйпалары әмелге асырылмақта ;
Кегейли районы Статистистика бөлими баслиғы: М.Бекмуратов