Кегейли районында бос турған ҳәким орынбасарлары лаўазымына тайынлаў

13.02.2021 19:18:58 1604 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында бос турған ҳәким орынбасары лаўазымларына тайынлаў болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм депутатлар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте район ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына Абылбаев Ислам Женгисбаевич тайынланған болса, район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Өтемуратов Ахмет Пердебаевич тайынланды. Мәжилис жуўмағында жыйналғанларға тайынланған ҳәким орынбасарларының мийнет жолы кеңнен таныстырылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

13.02.2021 19:18:58 1605