Олий Мажлис сенаторы кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыў өткерди

13.02.2021 18:43:47 537 Баспаға шығарыў

13-февраль күни Кегейли районы 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис сенаторы О.Атаниязова кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда О.Атаниязова Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде мақулланған нызамлар, көрип шығылған мәселелер, 2017–2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның мазмун-мәниси бойынша ҳәр тәреплеме түсиник берди. Сондай-ақ, Сенатқа районымыздың пуқарасы тәрепинен жолланған мүрәжатты усы орынның өзинде үйренип, оның унамлы шешим табылыўы ушын жол-жобалар көрсетип, район белсендилерине тийисли көрсетпелерди берди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

13.02.2021 18:43:47 538