Жасларды исбилерменликке қызықтырыўда Мәмлекетлик хызметлер орайының белсендилиги

12.02.2021 16:39:58 2285 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслар мәселесине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде үлкен итибар қаратылмақта. Өзбекстан жаслары халқымыздың бай руўхый-ағартыўшылық мийрасын, зийреклиги, мийнетсүйиўшилик, ўатансүйиўшилик сыяқлы жақсы дәстүрлерин өзинде жәмлеген ҳалда, жәмийетимизде мүнәсип орын ийелемекте. Бул тәреплер жасларымыздың излениўшеңлиги, билим ийелеўге болған тилеги, дөретиўшилик қәбилети, реформаларымызға байланыслы жуўапкерлик сезими беккемлигинде белгили болады. Сонлықтан елимиз жасларына жаратылған шараятлар, кең көлемли имканиятларға, олар ерисип атырған табысларға көпшилик, атап айтқанда, дүнья жаслары ҳәўес пенен қарамақта.

Ҳүрметли Презиентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2020-жыл 25-декабрь күни өткерилген Өзбекстан жаслары форумыда жасларға мотивация, бизнес хәм исбилерменлик тараўында зәрүр билим хәм көникпелерин қәлиплестириў кереклигин айтып өтти. Сол арқалы оларды исбилерменликке кең түрде тартыў хәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Ҳәр бир исбилермен – жасларға ғамхор” басламасы қоллап қуўатланды.

Бул баслама бойынша жаслардың исбилерменликке болған қызығыўшылықларын арттырыў мақсетинде Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен район аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериндеги 11-класс оқыўшыларына «Исбилерменлик тийкарлары» сабақлары өткерилип келинбекте.

Бунда тийкарынан орай хызметкерлери тәрепинен, оқыўшы жасларға «Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң шөлкемлестирилиўи», «Исбилерменлик субъекти ҳәм оның түрлери», «Исбилерменлик субъектлериниң шөлкемлестириў ҳүжжетлери ҳаққында», «Электрон ҳүкимет ҳаққында» ҳәмде «Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталыннан (my.gov.uz) системасынан пайдаланыў тәртиби» темаларында арнаўлы сабақлықлар өткерилип барылмақта.

Өткерилген сабақлар бойынша оқыўшылар өзлеринин қызықтырған сораўларына орай хызметкерлери тәрепинен жуўаплар алды ҳәмде жасларды исбилерменликке тартыў мақсетинде банк тәрепинен имтиязлы берилетугын кредитлер ҳәм салық жеңилликлерин өзинде сәўлелендирген қолланбалар ҳәм буклетлер тарқатылды.

 

 

С.Отегенов, Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы

12.02.2021 16:39:58 2286