Жаңаланыўлар

12.02.2021 13:46:56 964 Баспаға шығарыў

Бүгин районымыздағы  “Абат” аўыл бағдарламасына киргизилген  “Абат” АПЖ  аймағын абаданластырыў ҳәм ол жердеги қурылыс жумысларын баслаў ушын старт берилди. Таң азаннан район ҳәкими Д.Утемураов басшылығында аўылларды абаданластырыўға  жуўапкер болған барлық мәкеме басшылары белгиленген орынға келип, бағдарлама тийкарында өз жумысларын баслап жиберди. Бағдарламаға тийкар бул аймақта  үлкен транспорт жолларын қайта ислеў, көшелерге жақтыландырыўшы электр жарытқышларды орнатыў, ишимлик суў тармақларын қайта оңлаў,  медициналық ҳәм мектепке шекемги билим бериў обьектлерин  реконструкциялаў жумыслары режелестирилген.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

12.02.2021 13:46:56 965