Халықты дизимге алыўдың тәртиби

12.02.2021 09:56:29 1209 Баспаға шығарыў

Халықты дизимге алыўдың турақлылығы. БМШ усынысларына көре, халықты дизимге алыў 10 жылда кеминде бир мәрте өткерилиўи белгиленген.

Халықты дизимге алыў арнаўлы таярланған қәнийгелер – есапшылар тәрепинен өткериледи. Бул илажды әмелге асырыў ушын көп муғдарда арнаўлы хызметкерлер жалланады, олардың қурамына илимлилер, студентлер де киргизилиўи мүмкин.

Халықты дизимге алыўды анық бир мүддетте өткериў: Бул илажды әмелге асырыўға әдетте 10-12 күн талап етиледи. Халықты дизимге алыў бир неше күн даўамында өткерилсе де, мағлыўматлар анық бир ўақытта – көбинесе халықты дизимге алыўдың биринши күниниң сол ўақыттағы жағдайы бойынша гүзетиледи. Бул халықты дизимге алыўдың нәзик ўақты, деп те аталады.

Мәселен, бала халықты дизимге алыў дәўиринде, бирақ әне усы анық мүддеттен кейин туўылған болса, ол халық дизимине киргизилмейди. Бирақ, кимдүр бул анық нәзик мүддетте тири болып, соннан кейин, яғный халықты дизимге алыў дәўиринде қайтыс болса, ол халық дизимине киргизилмейди.

Халықты дизимге алыўдың белгилеп қойылған анық дәстүриниң бар екенлиги ҳәм илажды оған қатаң әмел қылған жағдайда өткериў. Халықты дизимге алыў дәстүри – дизимге алыўда белгили талапларды есапқа алған ҳалда, халыққа мүрәжаат етилетуғын сораўлар дизимин, мағлыўматларды гүзетиў, топлаў, қайта ислеў, жуўмақлаўшы мағлыўматларды жәриялаў тәртиплерин өз ишине алады.

Халықты дизимге алыў пүткил дүнья бойынша раўндлар шеңберинде әмелге асырылады. Пүткил дүнья халқының 24 пайызы жәмлеп алынған 2010 жылғы раўндда Өзбекстан қатнаспаған еди. 2020 жылғы раўндда санаўлы мәмлекетлерден тысқары барлық дүнья мәмлекетлери, сондай-ақ, Өзбекстан да қатнаспақта, бул раўндда халықтың 97,5 пайызын жәмлеп алыў режелестирилген.

 

Кегейли районы Статистистика бөлими баслығы: М.Бекмуратов

12.02.2021 09:56:29 1210