Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын және де жетилистириў ҳаққында»ғы
ПФ-6121-санлы Пәрманы ҳәм 2020-жыл 25-декабрдеги «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы УРК-657-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым Нызам ҳүжжетлерине өзгерис
ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы 2020-жыл 30-декабрдеги
УРК-659-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамының 2-статьясының
23,27-бәнтлерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-январдағы 225-санлы қарарына тийкарланып, 2021-жыл ушын белгиленген жергиликли бюджет прогнозларының орынланыўының турақлылығын ҳәм дәраматларының асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл ҳожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын салық ставкаларына киритип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қоллаў бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Өзбекстан Республикасының айырым Нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы 2020-жыл 30-декабрдеги
УРК-659-санлы Нызамының 2-статьясы 23, 27-бәнтлерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл
8-январдағы 225-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын. - Кегейли районы бойынша аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши коэффициентлерди қолланыў ҳаққында районлық Қаржы бөлими ҳәм районлық салық инспекциясы менен келисилген усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының жоқарыда көрсетилген қарарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен белгиленген жер салығы ставкаларына Халық депутатлары районлық Кеңесине өз аймақларында жайласқан аўыллар ҳәм мәҳаллелер кесиминде жер салығы ставкасына 0,7 ден 3,0 ке шекем кемейттириўши
ҳәм арттырыўшы коэффициентлерин киритиў ҳуқуқына ийе екенлиги белгиленгенлиги;
Бунда, Халық депутатлары районлық Кеңеси салық жүгин кескин асырылыўының алдын алыў мақсетинде, физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығына белгиленген (жеке тәртиптеги исбилерменлерден тысқары) ставкасына 2020-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаған ҳалда коэффициентлерди қолланыў, сондай-ақ, айрықша орынларда
ҳәм туристик зоналардағы жер участкалары ҳәм физикалық тәреплер пайдаланыўында болған 1 гектардан артық жер участкаларына 3,0 ке шекемги арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў мүмкин екенлиги нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
4.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын және де жетилистириў ҳаққында»ғы
ПФ-6121-санлы Пәрманына муўапық, салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер
ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 гектар ушын 16 768,0 мың сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилген кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер 1-қосымшаға муўапық, физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў бойынша берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 кв.метр ушын 135,0 сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер
2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Кегейли районлық Мәмлекетлик салық инспекциясына (С.Даулетбаев) Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен белгиленген салық ставкалары бойынша жер салығы төлеўшилерди өз ўақтында хабарландырыў
ҳәм өндирилиўин тәмийинлеў тапсырылсын. - Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына тапсырылсын.
- Усы шешим «Кегейли турмысы» газетасында рәсмий жәриялансын
ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын. - Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Халық депутатлары Кегейли
районлық кеңесиниң баслығы: Д.Утемуратов
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл 29-январьдағы 88-22-санлы қарарына 1-қосымша
Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 гектар ушын 16 768,0 мың сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киргизилген кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер
мың.сўмда
№ | МПЖ ҳәм АПЖ атлары | Коэффициент (0,7 ден 3,0 ге шекем) | 2021-жыл ушын жер салығы ставкасы (мың.сўмда) |
1. | “Жылўан жап” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
2. | “Абат макан” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
3. | “Нурлы бостан” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
4. | “Маденият” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
5. | “Алтын тала” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
6. | “Қуяшлы” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
7. | “Гүжим терек” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
8. | “Бахытлы” МПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
9. | “Жүзимбағ” АПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
10. | “Абат” АПЖ | 0,75 | 12 576,0 |
11. | “Ақтуба” АПЖ | 0,84 | 14 085,1 |
12. | “Жаңабазар” АПЖ | 0,75 | 12 576,0 |
13. | “Қумшунгил” АПЖ | 0,75 | 12 576,0 |
14. | “Жалпақ жап” АПЖ | 0,75 | 12 576,0 |
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2021-жыл 29-январьдағы 88-22-санлы шешимине 2-қосымша
Физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў бойынша берилген аўыл-хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 кв.м ушын 135,0 сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер
мың.сўмда
№ | МПЖ ҳәм АПЖ атлары | Коэффициент (0,7 ден 3,0 ге шекем) | 2021-жыл ушын жер салығы ставкасы (сўмда) |
1. | “Жылўан жап” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
2. | “Абат мәкан” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
3. | “Нурлы бостан” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
4. | “Мәденият” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
5. | “Алтын тала” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
6. | “Қуяшлы” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
7. | “Бахытлы” МПЖ | 1,0 | 135,0 |
8. | “Гүжим терек” МПЖ | 0,8 | 108,0 |
9. | “Абат” АПЖ | 0,7 | 94,5 |
10. | “Ақтуба” АПЖ | 0,7 | 94,5 |
11. | “Жаңабазар” АПЖ | 0,7 | 94,5 |
12. | “Жүзимбағ” АПЖ | 0,7 | 94,5 |
13. | “Қумшунгил” АПЖ | 0,7 | 94,5 |
14. | “Жалпақ-жап” АПЖ | 0,7 | 94,5 |