Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған мүрәжәәтнамасы

09.01.2021 10:38:23 662 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған мүрәжәәтнамасында коррупцияға қарсы гүресиўде алдымызда әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпалар ҳаққында тоқтап өтип, коррупцияның ҳәр қандай көринисине бийпарўалық пенен қарамаў күнделикли турмысымыздың ажралмас бөлегине айланыўы лазымлығы, коррупцияға қарсы гүресиўде барлық мәмлекетлик уйымлар, сиясий партиялар, жәмийетлик шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, ҳәр бир пуқараның дыққатында болыўы зәрүр екенлигин айтып өтти.

Сондай-ақ, коррупцияның өте аўыр жынаят екенин ҳәм оған қарата дыққатлы болыў ураны тийкарында перзентлеримизге жаслық дәўиринен баслап сиңдириўимиз, оларға тек ғана ҳадал мийнет ҳәм исбилерменлик жолы менен дәрәмат табыўды үйретиўимиз лазымлығы, коррупцияның алдын алыў бойынша барлық мәмлекетлик уйымларда қарар қабыл етиў процесслери, ашық ҳәм тек ғана ашық болыўын тәмийнлеў әҳимийетке ийе екенлигин айтып өтти.

Буның мысалы ретинде, пуқараларымыздың 2020-жылдың басынан баслап ашық жәряналып атырған мәмлекетлик буйыртпаларға байланыслы мағлыўматлардан пайдаланып, олардан келип шығатуғын мәселелерди көтерип атырғалығына тоқтап өтти.

Финанс министирлигине үш ай мүддет ишинде мәмлекетлик кеңселери, бюджеттен тысқары қорларының дәрәмат ҳәм қәрежетлери, мәмлекет үлесине ийе болған шөлкемлер буйыртпалары, мәмлекетлик субсидия ҳәм грантларына байланыслы мағлыўматларды жәрия етиў практикасын жолға қойыўды тапсырды.

Буннан тысқары, ақырғы еки жыл даўамында ҳәкимлердиң еки ярым мыңға жақын қарарлары судлар тәрепинен бийкар етилгенин, буннан кейин ҳәкимлердиң қарар қабыл етиўинде ашықлықты тәмийнлеў зәрүрлигин келтирип шығарып атырғанын, соның ушын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимяты кеңселериниң қарарларын есапқа алыў ҳәм жәриялаў бойынша электрон хабар сиситемасы жәрия етилетуғыны айтып өтилди.

Сондай-ақ, Президентимиз Ш.М.Мирзиёев коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине бир ай мүддет ишинде ашық жәрияланыўы лазым болған мағлыўматлар дизимин кеңейтиў бойынша усыныслар киригизиўди тапсырды.

Бунан тысқары коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели қуралларынан бири – кадрларды таңлаў ҳәм жумысқа қабыл етиўдиң ашық системасын жолға қойыўдан ибәрат екенлигин,  усы система тийкарында кадрларды таңлаўда ескише усыллардан бас тартыў, кадрлардың интеллектуал сана сезимин, руўхый пәзийлетлерин баҳалайтуғын ашық ҳәм әшкәра таңлаў системасын жәриялаў, сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў бойынша мәмлекет хызметкерлерин турақлы оқытыў ҳәм билимин баҳалап барыў сиситемасының жолға қойылыўы тийкарғы ўазыйпаларымыз екенлигин атап өтти.

 

        Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судыныӊ судьясы

Кыпшакбаев Кайрат Муратович

09.01.2021 10:38:23 663